Босаған орынға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатын сайлаўды өткериў күнин белгилеў ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары

Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының 68-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасының Орайлық сайлаў комиссиясы

Қ А Р А Р   Е Т Е Д И :

Беруний районы бойынша 25-санлы «Нәўбәҳәр» сайлаў округинде босаған орынға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатын сайлаўды өткериў 2020-жылдың 20-сентябрь күнине белгиленсин.

 

Қарақалпақстан Республикасы

Орайлық сайлаў комиссиясының

баслығы                                                                                                                   Е.Джуманазаров

2020-жыл   20-август