Төрт оқыўшымыз мүдеттинен алдын студент болды

Усы жылдың 14-апрель күни Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефт-газ университетиниң Ташкент филиалы басламасы менен шөлкемлестирилген улыўма орта билим бериў мектеплериниң  11-класс оқыўшылары арасында рус тили пәнинен Губкин пән олимпиадасы өткерилген еди. Онда 4 оқыўшымыз жоқары нәийжелерге ерисип, мүнәсип хошаментленди. Нөкис Толық мағлыўмат →

Шымбай районындағы «Оржап» МПЖ орайында жаңа бақша қурып питкерилди

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапары даўамында берилген тапсырмаларға тийкар, республикамыздағы бир қатар социаллық объектлерде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылған еди. Атап айтқанда, Шымбай районы «Оржап» МПЖ аймағында 150 орынлы жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 6,2 млрд. сум қаржы тийкарында қурып питкерилди.

Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы WORKOUT бойынша «Универсиада-2025» спорт жарысларының жеңимпазы болды

Усы жылдың 22-23-апрель күнлери Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында спорттың WORKOUT түри бойынша «Универсиада-2025» спорт жарысларының республикалық финал басқышы болып өтти. Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы Толық мағлыўмат →

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қытай компаниялары ўәкиллери менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қытай Халық Республикасының CSADI company (Central South Architecture designe Institute) co LTD компаниясы вице-президенти Лю Гэнг Чжон басшылығындағы делегация менен ушырасты. Өткерилген ушырасыўда республикамыз аймағында сырт ел инвестицияларын тартыў арқалы жаңа жойбарларды әмелге Толық мағлыўмат →

Пахтаны қайта ислеў кәрханасының қурылысы басланды

Қанлыкөл районында Қанлыкөл “AGROHAMKOR CLUSTER” ЖШЖ тәрепинен жылына 20 мың тонна пахтаны қайта ислеў қуўатлығына ийе кәрхана қурылысы басланды. Бул кәрхана иске түсиўи менен биринши гезекте 150 адам жумыс пенен тәмийнленеди соның менен бирге районда ҳәм қонсылас районларда жетистирилген пахтаны Толық мағлыўмат →

Пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўына таярлық көриў мәселелерине бағышланды

Әмиўдәрья районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында мәҳәлле баслығы сайлаўын өткериўши жумысшы топар баслықлары ушын оқыў семинары шөлкемлестирилди. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитети баслығы Ш.Өтемисов, Өзбекстан Толық мағлыўмат →

Грант қаржылары тийкарында декоратив терек нәллерин жетистириў мақсетинде арнаўлы агрегатлар алып келинди

БМШ Раўажланыў бағдарламасы тәрепинен «Тоғай хожалықлары жер майданларында декоратив ҳәм шөл өсимликлери нәллерин жетистириў» жойбары әмелге асырылды. Улыўма 12 мың АҚШ долларына жақын қаржылар есабынан 1 дана суў насосы Мойнақ мәмлекетлик тоғай хожалығына нәл жетистириў мақсетинде пайдаланыў ушын, Тахтакөпир мәмлекетлик Толық мағлыўмат →

Бозатаў, Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районлары ҳаял-қызлары ушын исбилерменлигин раўажландырыўға грант қаржылары ажыратылады

Ҳүрметли Президентимиздиӊ «Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәмде Халықаралық раўажланыў Аўқамы қатнасыўында «Аўыл исбилерменлигин раўажландырыў-2-Фаза» жойбарын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 317-санлы қарарына муўапық 2025-2027 жыллар аралығында Өзбекстан Республикасында жасаўшы кем тәмийинленген, жумыссыз ҳаял-қызлардыӊ халықаралық тәжирийбели экспертлер тәрепинен исбилерменликке оқытылыўы белгилеп Толық мағлыўмат →

Алыс Аспантай аўылының ишимлик суў тәмийнаты жақсыланды

Бозатаў районының шетки аймақларынан бири болған «Аспантай» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы хожалықлар санының артыўына байланыслы пуқаралардың ишимлик суўға болған талабын қанаатландырыў зәрүрлиги пайда болған еди. Бирлескен миллетлер шөлкеминиң балалар фондының (ЮНИСЕФ) шетки аўыллардағы балаларды ишимлик суўы менен тамийинлеў жойбарының 26,1 Толық мағлыўмат →

Жоқарғы Кеңес комитетиниң мәжилиси өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди. Мәжилисти комитет баслығы М.Атамуратов ашты ҳәм алып барды. Күн тәртибинде дәслеп «Жасларды илим-пәнге кызықтырыў ҳәм илимий жумысқа тартыў бойынша билимлендириў мәкемелеринде алып барылып атырған Толық мағлыўмат →