Шымбай районындағы «Оржап» МПЖ орайында жаңа бақша қурып питкерилди

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапары даўамында берилген тапсырмаларға тийкар, республикамыздағы бир қатар социаллық объектлерде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылған еди. Атап айтқанда, Шымбай районы «Оржап» МПЖ аймағында 150 орынлы жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 6,2 млрд. сум қаржы тийкарында қурып питкерилди.