Қарақалпақстан Республикасы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры басқармасының баслығы тайынланды
“Давгеодезкадастр” комитети баслығының 2020-жыл 27-июльдағы буйрығы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастры басқармасының баслығы лаўазымына Тлеуов Исатай Абдигалиевич тайынланды. Бул ҳаққында комитет баспасөз хызмети хабар берди.
Мағлыўмат ушын, И.Тлеуов 2012-жылдан ҳәзирги ўақытқа шекем усы тараўда қәниге, басқарма инспекторы ҳәм сектор баслығы лаўазымларында жумыс алып барған.




