МАЙЫПЛЫҒЫ БОЛҒАН ШАХСЛАРДЫӉ ҲУҚЫҚЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫӉ НЫЗАМЫ
МАЙЫПЛЫҒЫ БОЛҒАН ШАХСЛАРДЫӉ ҲУҚЫҚЛАРЫ ҲаҚҚЫНДА

 I бап. Улыўма режелер

 1-статья. Усы Нызамныӊ мақсети
Усы Нызамның мақсети майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

2-статья. Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылық
Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылық усы Нызам ҳәм басқа да нызамшылық ҳүжжетлеринен ибарат.
Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы нызамшылығында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.

3-статья. Тийкарғы түсиниклер
Усы Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:
майыплық белгисине бола кемситиў – мақсети ямаса нәтийжеси сиясий, экономикалық, социаллық, мəдений, пуқаралық тараўда ямаса басқа да тараўда өзгелер менен майыплығы болған шахслардыӊ тең ҳуқық ҳәм еркинликлерин тән алыў ямаса жүзеге шығарыўды бийкар етиўден ибарат болған, майыплық себепли ҳәр қандай ажыратып қойыў, шығарып таслаў, шетлетиў, шеклеў;
майыплығы болған балалар (бала) – турақлы физикалық, ақылый, сенсорлық (сезиў) ямаса руўхый нуқсанлары себепли өмирдеги ҳәрекети шекленгенлигине байланыслы мәмлекет ҳәм жәмийет тәрепинен социаллық жәрдем көрсетилиўине ҳәмде өз ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўына мүтәж болған он сегиз жасқа шекемги шахслар;
майыплығы болған шахс – социаллық жәрдем ҳәм қорғаўға, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң сиясий, экономикалық, социаллық турмысында басқалар менен бирге тең толық ҳәм нәтийжели қатнасыўы ушын шараятлар жаратылыўына мүтәж, турақлы физикалық, ақылый, сенсорлық (сезиў) ямаса руўхый нуқсанлары болған шахс;
майыплығы болған шахсларды социаллық қорғаў – өмирдеги ҳәрекетине байланыслы шеклеўлерди жеңип өтиў, олардың орнын қаплаў (компенсация етиў) ушын майыплығы болған шахсларға шараятларды тәмийинлейтуғын ҳәмде оларға жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында қатнасыўдың басқа пуқаралар менен тең имканиятларды жаратыўға қаратылған, мәмлекет тәрепинен кепилленген экономикалық, социаллық ҳәм ҳуқықый илажлардың системасы;
майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери – майыплығы болған шахслар тәрепинен майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, олардың жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында басқа пуқаралар менен теңдей қатнасыў имканиятларын тәмийинлеў мақсетинде дүзилген мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер;
протез-ортопедия үскенелери – жоқ болған аяқ-қоллардың ямаса денениӊ басқа да мүшелериниң орнын басыў ушын мөлшерленген, организмниң бузылған ямаса жоғалған функцияларын компенсация етиўши үскенелер;
сурдоаўдарма – қандай да бир тилден дактил әлипбеси жәрдеминде ҳәм (ямаса) ым-ишара тилинде аўдармалаў усылы;
сурдотехника қураллары – еситиўдеги нуқсанларды дүзетиў ҳәм компенсация етиў ушын техникалық қураллар, соның ишинде байланысты ҳәм мәлимлеме узатыўды күшейтиўши қураллар;
медициналық-социаллық экспертиза – тексериўден өткерилип атырған шахстыӊ клиникалық-функционаллық, социаллық, кәсиплик-мийнет ҳәм психологиялық мағлыўматларын комплексли баҳалаў тийкарында оның денсаўлығының төменлегенлиги дәрежесин ҳәм организминиң функциялары турақлы бузылғанлығы себепли өмирдеги ҳәрекетиниӊ шекленгенлиги дәрежесин, майыплық топарын, майыплықтың басланыў себеби ҳәмде ўақтын анықлаў, сондай-ақ шахс ушын денсаўлығының жағдайына қарай мүмкин болған мийнет етиў түрлери ҳәм зәрүрли мийнет шараятлары, өзгелердиң күтимине, санаторий-курортта емлениўдиӊ тийисли түрлерине ҳәмде социаллық қорғаўға болған мүтәжлиги ҳаққында усыныслар бериў;
тифлотехника қураллары – майыплығы болған шахслардың көриўиндеги нуқсаны нәтийжесинде жойтылған имканиятларын тиклеў ҳәм компенсация етиўге қаратылған қураллар;
шахстыӊ өмирдеги ҳәрекетиниӊ шекленгенлиги – шахстыӊ өзине-өзи хызмет етиў, ҳәрекетлениў, жолды таба алыў, байланысыў, өз минез-қулқын бақлаў, сондай-ақ оқыў ҳәм жумыс пенен шуғылланыў қәбилетин ямаса имканиятын толық ямаса бир бөлегин жоғалтқанлығы.

4-статья. Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеўдиң тийкарғы принциплери
Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеўдиң тийкарғы принциплери төмендегилерден ибарат:
майыплығы болған шахслардың қәдир-қымбатын, олардың ғәрезсизлигин, таңлаў еркинлигин ҳүрмет етиў;
майыплық белгисине бола кемситилиўге жол қоймаў;
инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўдағы имканиятлардыӊ теңлиги;
майыплығы болған балалардың раўажланып атырған қәбилетин ҳәм өз индивидуаллығын сақлап қалыў ҳуқықын ҳүрмет етиў;
объектлер ҳәм хызметлердиӊ қолайлығы;
майыплығы болған шахсларды жәмийет ҳәм мәмлекеттиң турмысына тартыў.

5-статья. Майыплығы болған шахслардың қәдир-қымбатын, олардың ғәрезсизлигин, таңлаў еркинлигин ҳүрмет етиў принципи
Майыплығы болған шахслардың қәдир-қымбатын, олардың ғәрезсизлигин, таңлаў еркинлигин ҳүрмет етиў майыплығы болған шахслардың ҳәм олардыӊ шаңарақларының ҳуқық ҳәм еркинликлерин басқа пуқаралар менен теңдей қорғаў ҳәмде әмелге асырыў кепилликлерин белгилеў арқалы тәмийинленеди.

6-статья. Майыплық белгисине бола кемситилиўге жол қоймаў принципи
Майыплығы болған шахсларға қаратылған ҳәр қандай ажыратып қойыў, шығарып таслаў, шетлетиў, шеклеў ямаса абзал көриў, сондай-ақ майыплығы болған шахслардың объектлер ҳәм хызметлерден пайдаланыўы ушын шараятлар жаратыўдан бас тартыў қадаған етиледи.
Майыплығы болған шахслар ушын имканиятлар теңлигин тәмийинлеўге ҳәмде оларды жәмийет ҳәм мәмлекет турмысына тартыўға қаратылған арнаўлы илажлар басқа пуқараларға қаратылған кемситиўши илажлар есапланбайды.

7-статья. Майыплығы болған шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўдағы имканиятлар теңлиги принципи
Майыплығы болған шахслардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўдағы имканиятлар теңлиги олар ушын объектлер ҳәмде хызметлерден, социаллық, экономикалық ҳәм мәдений тараўлардан, денсаўлықты сақлаўдан, билимлендириўден, жумысқа орналасыўдан, сондай-ақ мәлимлемеден ҳәм байланыс қуралларынан пайдаланыў кепилликлерин жаратыўға ҳәмде олардан теңдей пайдаланыў имканиятларын бериўге байланыслы илажларды әмелге асырыў жолы менен тәмийинленеди.

8-статья. Майыплығы болған балалардың раўажланып атырған қәбилетин ҳәм өз индивидуаллығын сақлап қалыў ҳуқықын ҳүрмет етиў принципи
Майыплығы болған балалар басқа балалар менен теңдей инсанның барлық ҳуқық ҳәм еркинликлеринен толық көлемде пайдаланады.
Майыплығы болған балаларды ҳәр тәреплеме ҳәм үнлес раўажландырыў, олардың социаллық белсендилигине, мийнетке болған қызығыўшылығына көмеклесиў, билимге, илимге, техникаға, көркем-өнер ҳәм спортқа тартыў мақсетинде майыплығы болған балалардың мәплериниң үстинлиги оларға қаратылған барлық ҳәрекетлерде әҳмийетли есапланады.

9-статья. Объектлер ҳәм хызметлердиӊ қолайлығы принципи
Объектлер ҳәм хызметлердиң қолайлығы майыплығы болған шахслардың имаратлардан, қурылмалардан, транспорттан, мәлимлемеден ҳәм байланыс қуралларынан, соның ишинде мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм системаларынан, сондай-ақ басқа да объектлерден ҳәм халыққа көрсетилетуғын хызметлерден өзге пуқаралар менен теңдей пайдаланыўы ушын шараятлар жаратыў жолы менен тәмийинленеди.
Қалаларды, басқа да елатлы пунктлерди жобаластырыўға ҳәм қурыўға, турақ жай ҳәм рекреация зоналарын қәлиплестириўге, жаңа қурылыс ушын мөлшерленген жойбар шешимлерин ислеп шығыўға, имаратларды, қурылмаларды ҳәм олардың комплекслерин реконструкциялаўға, сондай-ақ улыўма пайдаланыўдағы транспорт қуралларын, мәлимлемени ҳәмде байланыс қуралларын ислеп шығыўға ҳәм ислеп шығарыўға усы объектлерди майыплығы болған шахслардың олардан тосқынлықсыз пайдаланыўы ушын бейимлестирместен жол қойылмайды.

10-статья. Майыплығы болған шахсларды жәмийет ҳәм мәмлекет турмысына тартыў принципи
Майыплығы болған шахсларды жәмийет ҳәм мәмлекет турмысына тартыў олардың социаллық-сиясий турмыста қатнасыўын ҳәр тәреплеме хошаметлеў ҳәмде шеклеўлердиң ҳәр қандай формаларына жол қоймаў арқалы әмелге асырылады.
Мәмлекетлик уйымлар майыплығы болған шахсларды жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмысқа тартыўды тәмийинлеўге байланыслы илажларды әмелге асырады.

II бап. Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў тараўын тәртипке салыў

 11-статья. Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары
Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:
майыплығы болған шахслардың кемситилиўине жол қоймаў бойынша комплексли илажлар көриў;
майыплығы болған шахслардың абыройы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў;
майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳәм имканиятларыныӊ теңлигин басқа пуқаралар менен теңдей тәмийинлеў;
майыплығы болған шахсларды жәмийет ҳәм мәмлекет турмысына тартыў;
майыплығы болған шахслардыӊ ҳуқықлары ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрмет етиў мәселелери бойынша жәмийетте руўхый-тәрбиялық жумысларды шөлкемлестириў;
майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўин тәмийинлеў;
мәмлекетлик уйымлардыӊ ҳәм олардағы лаўазымлы шахслардың майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәмде нызамлы мәплерин қорғаўға байланыслы жумысыныӊ ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын тәмийинлеў;
майыплығы болған шахслардың инклюзив билим (мектепке шекемги, мектептен тысқары, улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал, жоқары ҳәм жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў) алыў имканиятын тәмийинлеў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер арасында майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў.

12-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы ўәкилликлери
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылықтың орынланыўын тәмийинлейди;
майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў, социаллық қорғаў ҳәм олардың ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы аймақлық бағдарламаларды қәлиплестиреди, тастыйықлайды ҳәмде әмелге асырады;
майыплығы болған шахсларды жумысқа орналастырыў ушын жумыс орынларының ең кем санын белгилейди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.

13-статья. Мәмлекетлик басқарыў уйымларыныӊ майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы ўәкилликлери
Мәмлекетлик басқарыў уйымлары өз ўәкилликлери шеңберинде:
майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў, социаллық қорғаў ҳәм олардың ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы мәмлекетлик ҳəм аймақлық бағдарламаларды әмелге асырады;
майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылықтың орынланыўын тәмийинлейди;
майыплығы болған шахсларды медициналық, кәсиплик ҳәм социаллық реабилитациялаў тараўында илимий изертлеўлер өткерилиўин ҳәмде қәнигелер таярланыўын шөлкемлестиреди;
өзгелердиң күтимине ҳәм жәрдемине мүтәж майыплығы болған шахсларға социаллық хызмет көрсетиў бойынша стационар мәкемелердиң тармағын раўажландырыўға байланыслы илажлар көреди;
реабилитация, илимий-өндирислик орайларды, майыплығы болған шахсларға социаллық хызмет көрсетиўши стационар мәкемелерди, қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелерин ҳәмде санаторий-курорт мәкемелерин, сондай-ақ майыплығы болған шахсларға социаллық-турмыслық хызметлер көрсетиўши шөлкемлерди шөлкемлестиреди;
мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасының амбулатория ҳәм стационар емлеў-профилактикалық мәкемелеринде тиклеў терапиясы бөлимлерин шөлкемлестиреди.
Мәмлекетлик басқарыў уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.

14-статья. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы ўәкилликлери
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары:
тийисли аймақта майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылықтың орынланыўын тәмийинлейди;
майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў, социаллық қорғаў ҳәм олардың ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы аймақлық бағдарламаларды қәлиплестиреди, тастыйықлайды ҳәмде әмелге асырады;
тийисли аймақта майыплығы болған шахсларды жумысқа орналастырыў ушын жумыс орынларының ең кем санын белгилейди.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин.

15-статья. Майыплығы болған шахслардыӊ жумысларын муўапықластырыўшы аймақлық кеңес
Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниӊ орынланыўын тәмийинлеўши мәмлекетлик уйымлардыӊ жумысын муўапықластырыў ҳәм усы Нызам қағыйдаларыныӊ орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған келисилген илажларды ислеп шығыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен Майыплығы болған шахслардың жумысларын муўапықластырыўшы аймақлық кеңес (буннан кейин текстте Аймақлық кеңес деп жүргизиледи) шөлкемлестириледи.
Аймақлық кеңес қурамына майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниӊ орынланыўын тәмийинлеў өз ўәкиллигине киретуғын министрликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, соныӊ ишинде майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери ўәкиллери киргизиледи.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарларынан бири Аймақлық кеңес баслығы болып табылады.
Аймақлық кеңестиң мәжилислери зәрүрликке қарап, бирақ ярым жылда кеминде бир мәрте баслық тәрепинен шақырылады.
Аймақлық кеңес ҳаққындағы реже ҳәм оның қурамы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланады.

16-статья. Пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымларының ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеўге қатнасыўы
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеўге көмеклеседи.
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер:
майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы жумысларды әмелге асырыў ўақтында мәмлекеттен ҳәм белгиленген тәртипте халықаралық шөлкемлерден ҳуқықый, методикалық, шөлкемлестириў ҳәмде финанслық жәрдем алыўы;
майыплығы болған шахсларды социаллық қорғаў менен байланыслы машқалаларды шешиўде, сондай-ақ тийисли илажларды қаржыландырыўда қатнасыўы;
майыплығы болған шахслардың басқа пуқаралар менен теңдей имаратлардан, қурылмалардан, транспорттан, мәлимлемеден ҳәм байланыс қуралларынан, соныӊ ишинде мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәмде системаларынан, сондай-ақ басқа да объектлерден ҳәм халыққа көрсетилетуғын хызметлерден пайдаланыўы ушын шараятлар жаратыўда қатнасыўы мүмкин;
майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырады.
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы басқа да илажларда қатнасыўы мүмкин.

17-статья. Майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери
Майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириўде:
мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларына, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳәмде нызамлы мәплерин тәмийинлеў бойынша усыныслар киргизиў;
майыплығы болған шахсларға тийисли социаллық хызмет түрлерин усыныў нәтийжелилигин баҳалаўда қатнасыў;
майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша ислеп шығылып атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларына усыныслар киргизиў;
Аймақлық кеңес жумысында ҳәм мәжилислеринде қатнасыў;
ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте спорт, руўхый ҳәм мәдений-ғалабалық илажларды шөлкемлестириў жолы менен қатнасыўға ҳақылы болып табылады.
Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары майыплығы болған шахслардың мәплерине байланыслы қарарларды таярлаў ҳәмде қабыллаўда майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери ҳәм олардың ўәкилликли ўәкиллери менен бирге ислеседи.
Юридикалық ҳәм физикалық шахслар майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелерине материаллық-техникалық ҳәмде финанслық жәрдем көрсетиўи мүмкин.

III бап. Майыплығы болған шахслардың жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында толық ҳуқықлы түрде қатнасыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў

 18-статья. Майыплығы болған шахслардың теңлигин тәмийинлеў ҳәм кемситилиўине жол қоймаў
Майыплық белгиси бойынша ҳәр қандай кемситиў қадаған етиледи.
Тең имканиятларды тәмийинлеў ҳәм майыплық белгисине бола кемситилиўине жол қоймаў ушын мәмлекетлик уйымлар майыплығы болған шахслардың объектлер ҳәмде хызметлерден, социаллық, экономикалық ҳәм мәдений тараўлардан, денсаўлықты сақлаўдан, билимлендириўден, жумысқа орналасыўдан, сондай-ақ мәлимлемеден ҳәм байланыс қуралларынан теңдей пайдаланыў имканиятларын тәмийинлеўге байланыслы илажларды әмелге асырады.
Мәмлекет кемситилиўдиӊ барлық формаларынан майыплығы болған шахслардың ҳуқықый тәрептен теңдей ҳәм нәтийжели қорғалыўын кепиллейди.
Мәмлекет инсанның тийкарғы ҳуқықлары ҳәм еркинликлеринен пайдаланыў имканиятын бериўде майыплығы болған шахслардың кемситилиўине жол қоймаў илажларын көреди.

19-статья. Жеке турмысқа қол қатылмаслық ҳуқықы
Майыплығы болған шахслар нызамшылықта нәзерде тутылған тәртипте қол қатыўдан қорғалыўы, өзиниң жеке турмысы, шаңарағы, турақ жайы ямаса ҳүжжетлериниң қол қатылмаслығы, абырайы ҳәм қәдир-қымбатының қорғалыўы ҳуқықына ийе.
Мәмлекет майыплығы болған шахстыӊ шахсы, денсаўлығыныӊ жағдайы ҳаққындағы мағлыўматлардың қупыялылығын тәмийинлеў илажларын көреди.

20-статья. Шаңараққа ҳәм шаңарақ орталығына болған ҳуқық
Мәмлекет майыплығы болған балалардың шаңараққа ҳәм шаңарақ орталығына болған ҳуқықларын тәмийинлеў, қәнигелестирилген мәкемелерге орналастырылатуғын майыплығы болған балалардың санын қысқартыў, олардың шаңарақлық шараятларда ҳәм майыплығы болған балаларды орналастырыўдың басқа формалары шеңберинде туўысқанларына қосыў есабынан альтернатив күтим етилиўин тәмийинлеў илажларын көреди.
Мәмлекет майыплығы болған балаларды бағып атырған шаңарақларға материаллық, мәслəҳәт бериў ҳәм басқаша тәризде жәрдем береди ҳәмде оларды қоллап-қуўатлайды.

21-статья. Пуқаралық ҳәм еркин ҳәрекетлениў ҳуқықы
Майыплығы болған шахслар басқа пуқаралар менен теңдей пуқаралықты алыў ҳәм өзгертиў, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы аймағы бойлап еркин ҳәрекетлениў, Өзбекстан Республикасына кириў ҳәм Өзбекстан Республикасынан шығып кетиў ҳуқықына ийе, Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын нызамшылықта белгиленген шеклеўлер буған кирмейди.
Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, соныӊ ишинде майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери майыплығы болған шахсларды олардың жасы, жынысы ҳәм майыплық формасын, сондай-ақ жеке зәрүрликлерин инабатқа алыўшы қоллап-қуўатлаў ҳәмде хызметлер көрсетиў бағдарламалары ҳәм қолайлығы ҳаққында хабардар етеди.

22-статья. Турақ жайға болған ҳуқық
Мәмлекет майыплығы болған шахсларға турақ жай қурылысы бойынша мәмлекетлик бағдарламалардан ҳәм арнаўлы бағдарламалардан пайдаланыў имканиятын тәмийинлейди.
Мәмлекет майыплығы болған шахсларға ҳәм майыплығы болған шахс жасаўшы шаңарақларға турақ жайды қолайлы баҳалар бойынша алыў ушын зәрүрли шараятлар ҳәмде имканиятларды тәмийинлейди.
Турақ жайға ямаса турақ жайының шараятларын жақсылаўға мүтәж майыплығы болған шахсларды есапқа алыў жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.
Жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен турақ жай алыўға ямаса турақ жайының шараятларын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларды есапқа алыў дизимлерин қәлиплестириў ўақтында майыплығы болған шахслар ҳәм майыплығы болған шахс жасаўшы шаңарақлар бөлек дизимге киргизиледи.
Майыплығы болған шахслар турақ жай қурылысы бойынша мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм арнаўлы бағдаламалар шеңберинде жеңиллетилген шәртлер тийкарында турақ жай ҳәм жеңиллетилген ипотека кредитин алыў ҳуқықына ийе.
Майыплығы болған шахсларға ҳәм майыплығы болған шахс жасаўшы шаңарақларға жеке тәртипте турақ жай қурыў, жәрдемши хожалықты, дала ҳәўли хожалығын ҳәм бағшылықты жүргизиў ушын жеңиллетилген шәртлер тийкарында жер участкаларын алыў ҳуқықы бериледи.
Майыплығы болған шахсларға турақ жайды бөлистириўде имканиятқа қарап, объектлер ҳәм хызметлердиң қолайлығы принципине әмел етилген ҳалда, жумыс орнына, медицина ҳәм реабилитация мәкемелерине жақын болған турақ жай бериледи.
Майыплығы болған шахсларға мәмлекетлик турақ жай фондыныӊ көп квартиралы жайларындағы турақ жайлар олардың қәлеўине бола төменги қабатлардан берилиўи мүмкин. Жоқарғы қабатлардағы квартираларға ийе болған майыплығы болған шахслар бос турақ жайлар болған жағдайда оларды төменги қабатларда жайласқан турақ жайларға алмастырыўға ҳақылы.
Майыплығы болған шахсларға ямаса майыплығы болған шахс жасаўшы шаңарақларға берилетуғын турақ жайлар объектлер ҳәм хызметлердиң қолайлығы принципине муўапық болыўы керек.
Майыплығы болған шахслардың ийелеп турған турақ жайлары майыплығы болған шахслардың еркин ҳәрекетлениўи ҳәм пайдаланыўы ушын арнаўлы қураллар ҳәмде үскенелер менен тәмийинленген болыўы керек. Усы турақ жайларды үскенелеў жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.
Майыплығы болған шахслар жеңиллетилген шәртлер тийкарында социаллық турақ жай алыў ҳуқықына ийе.

23-статья. Социаллық инфраструктура объектлерин майыплығы болған шахслардың мүтәжликлерине әмел еткен ҳалда жойбарлаў, қурыў ҳәм реконструкциялаў
Мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм шөлкемлер майыплығы болған шахслардың, соның ишинде отырғышлы арбашалардан ҳәмде жетеклейтуғын ийтлерден пайдаланыўшы шахслардың барлық социаллық инфраструктура объектлерине (турақ жайларға, жәмийетлик ҳәм өндирис имаратлары ҳәм қурылмаларға, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт объектлерине, мәдений-тамаша мәкемелерине ҳәм басқа да мәкемелерге) тосқынлықсыз кириўи ушын шараятлар жаратыўы шәрт.
Шөлкемлестириў-ҳуқықый түрине қарамастан, жәмийетлик имаратларды ҳəмде қурылмаларды жойбарлаў, қурыў ҳәм реконструкциялаў майыплығы болған шахслардың мүтәжликлери инабатқа алынған ҳалда әмелге асырылыўы керек.
Жәмийетлик имаратлар ҳəмде қурылмаларды жойбарлаў, қурыў ҳәм реконструкциялаў ўақтында майыплығы болған шахслардың пайдаланыўы ушын автотранспорт қойыў орынларын қолайлы шараятта ҳәмде өлшемде қурыў бойынша илажлар нәзерде тутылыўы керек.
Турақ жайлар ҳәм социаллық инфраструктура объектлеринде лифтлерди сатып алыў ҳәмде орнатыў ўақтында, шөлкемлестириў-ҳуқықый түрине қарамастан, тийисли шөлкемлер лифтлердиң майыплығы болған шахслардың барлық категориялары ушын қолайлы болыўын ҳәм олардан пайдаланыў имканиятын тәмийинлеўи шәрт.
Социаллық-турмыслық ҳәм мәдений мақсетлерге мөлшерленген қурылыс объектлерин ҳәмде реконструкция етилип атырған объектлерди пайдаланыўға қабыллаў майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелериниң ўәкиллери мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы қурамына киргизилген ҳалда әмелге асырылады.
Майыплығы болған шахслардың объектлер ҳәм хызметлерден пайдаланыўы ушын шараятлар жаратыў қурылыс жойбарларының мәжбүрий бөлеги болып табылады. Имаратларды, қурылмаларды ҳәм олардың комплекслерин қурыў ҳәмде реконструкциялаўға байланыслы нормалар ҳәм қағыйдалар майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелериниң пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда ислеп шығылыўы тийис.

24-статья. Транспорт қуралларыныӊ ҳәм жол инфраструктурасыныӊ қолайлығы
Транспорт қуралларының ҳәм жол инфраструктурасыныӊ қолайлығы халыққа транспорт хызметин көрсетиўши шөлкемлер (шөлкемлестириў-ҳуқықый түрине қарамастан) тәрепинен майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелериниң қатнасыўында:
майыплығы болған шахсларға қолайлық жаратыў ушын жәмийетлик транспорттың арнаўлы қураллар менен үскенелениўин, соның ишинде айрықша орынлардың үскенелениўин, еситиў қәбилети төмен болғанлар ушын мәлимлеме таблоларының орнатылыўын ҳәмде бәндиргилердиң даўыслы тәризде жәрияланыўын;
қалалық ҳәм аўыллық жәмийетлик транспорты қуралларының жөнелислери ҳәмде көрсеткишлери кескин парықланыўшы реңдеги ири ҳәриплер менен сүўретлениўин;
жолаўшы поездларының вагонлары арнаўлы орынлар менен ҳәм перронлар, сондай-ақ темиржол вокзаллары арнаўлы механикалық пандуслар менен үскенелениўин;
тоқтаў майданшаларын қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларын есапқа алған ҳалда үскенелеў, соныӊ ишинде оларға пандуслар ҳәм тутқышлар орнатыў, транспорт қуралының кириў қапылары алдындағы майданшаларда тактил қапламаларынан пайдаланыў, сондай-ақ электрон мәлимлеме таблоларын орнатыў;
пиядалар өтиў орынлары ҳәм көше кесилиспелерин, көшелер ҳәмде улыўма пайдаланыўдағы жолларды майыплығы болған шахслардың мүтәжликлерине қарай бейимлестириў;
кесилиспелерде даўыслы ҳәм визуал сигнализация системаларын орнатыў;
аэропортларда ҳәм аэровокзалларда, ири темир жол станцияларында майыплығы болған шахсларды транспорт қуралларына шекем гүзетип барыў;
майыплығы болған шахслар ушын арнаўлы күтиў орынларын үскенелеў жолы менен тәмийинленеди.
Жергиликли транспорт қуралларын ислеп шығыў ҳәм ислеп шығарыў майыплығы болған шахслардың мүтәжликлери инабатқа алынған ҳалда әмелге асырылыўы керек.

25-статья. Мийманхана ханаларыныӊ қолайлығы
Мийманханалардың мүлкдарлары улыўма ханалар фондыныӊ кеминде бир ханасын отырғышлы арбашадан пайдаланатуғын майыплығы болған шахслар ушын қолайлы түрде үскенелеўи, сондай-ақ еситиў ҳәм көриў бойынша майыплығы болған шахслардың тийисли мүтәжликлерине муўапық дағазалар ушын дисплейлер ҳәмде даўыслы қурылмалардың орнатылыўын тәмийинлеўи шәрт.

26-статья. Мәлимлемеден пайдаланыў
Мәмлекет майыплығы болған шахсларға мәлимлеме алыў ҳуқықлары әмелге асырылыўын кепиллейди ҳәмде майыплығы болған шахсларды ҳәмме ушын мөлшерленген, қолайлы форматлардағы ҳәм майыплықтың ҳәр қыйлы формалары есапқа алынған технологиялардан пайдаланған ҳалда мәлимлеме менен тәмийинлейди.
Мәмлекет адамлар арасындағы байланыс қураллары сыпатында ым-ишара тилинен, қатнастың басқа да алтернативалық түрлеринен пайдаланылыўына көмеклеседи.
Мәмлекет майыплығы болған шахсларға телевизиялық бағдарламалар, фильмлер, театр илажлары ҳәм басқа да мәдений илажлардың олар ушын қолайлы форматларда болыўын тәмийинлейди. Мәмлекетлик телеканалларда жаңалықлар көрсетиўлериниӊ сурдоаўдарма ямаса субтитрлар менен көрсетилиўи тәмийинленеди.
Мәмлекет коммуникацияның альтернативалық формаларынан (Брайль ҳәриплеринен ҳәм даўыслы формаларынан) пайдаланған ҳалда көркем әдебиятлар, мектеп сабақлықлары, басқа да дидактикалық материаллар ҳәм оқытыў қуралларының баспадан шығарылыўын тәмийинлейди.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер өз рәсмий веб-сайтларына жайластырылған мәлимлеме менен қолайлы тәризде танысыў ҳәмде хызметлерден пайдаланыў ушын майыплығы болған шахсларға қосымша имканиятларды жаратыўы шәрт.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер мәлимлеме-коммуникация үскенелериниң ҳәмде мәлимлеме тәмийнатының мәмлекетлик сатып алыўларға мәмлекетлик буйыртпаны әмелге асырыўда майыплығы болған шахслардың барлық категориялары ушын қолайлы критерияларға әмел етилиўин есапқа алыўы керек.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, зәрүр болған жағдайда, усы мәмлекетлик уйымның ямаса шөлкемниң ўәкили ҳәм еситиўинде нуқсанлары болған майыплығы болған шахс арасындағы қатнасты тәмийинлеў ушын ым-ишара тили аўдармашысын шәртнама бойынша жаллайды.

27-статья. Мәдений турмыста қатнасыўға, дем алыўға ҳәм спорт пенен шуғылланыўға болған ҳуқық
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер майыплығы болған шахслардың материаллық-мәдений мийрас объектлеринен, туристлик ҳәмде спорт объектлеринен ҳәм қурылмаларынан, сондай-ақ дем алыў объектлеринен пайдаланыўын тәмийинлейди.
Театрлар, музейлер, кинотеатрлар, мәлимлеме-китапхана мәкемелери ҳәм мәлимлеме-ресурс орайлары, мәденият ҳәм дем алыў бағлары майыплығы болған шахслардың пайдаланыўы ушын қолайлы болыўы керек.
Майыплығы болған шахслардың материаллық-мәдений мийрас объектлеринен, туристлик ҳәм спорт объектлери ҳәмде қурылмаларынан, сондай-ақ шөлкемниң дем алыў объектлеринен пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде, шөлкемлестириў-ҳуқықый формасына қарамастан, шөлкемлер майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери қатнасыўында:
майыплығы болған шахслардың ҳәм олардыӊ шаңарақларының мәдений, спорт ҳәмде туристлик илажларда қатнасыўына көмеклеседи;
мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте мәдений, спорт ҳәм кеўилашар илажлардың өткерилиўин шөлкемлестиреди;
майыплығы болған шахсларға спорт пенен шуғылланыў, спорт жарысларын өткериў ҳәм оларда қатнасыў ушын зәрүрли шараятлар ҳәмде имканиятлар жаратады;
жумысы майыплығы болған шахсларды спорт пенен шуғылланыўға ҳәм жәмийеттиң мәдений турмысына тартыўға қаратылған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге көмеклеседи;
майыплығы болған шахслардың барлық дәрежелердеги спорт илажларында қатнасыўын үгит-нәсиятлаў ҳәм хошаметлеўде қатнасады.
Шөлкемлестириў-ҳуқықый формасына қарамастан, шөлкемлер майыплығы болған шахслардың спорт қурылмалары объектлеринен, дем алыў объектлеринен, сондай-ақ туристлик объектлерден пайдаланыўын, соныӊ ишинде бийпул тийкарда пайдаланыўын тәмийинлеў ушын шараятлар жаратады.
Мәмлекетлик мүлк болған спорт объектлери ҳәм қурылмаларының спорт заллары ҳәмде ханалары майыплығы болған шахсларға спорт пенен шуғылланыў ушын бийпул тийкарда бериледи, буған нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайлар кирмейди.
Мәмлекет спорттың паралимпия түрлери бойынша тренерлер, төрешилер ҳәмде басқа да қәнигелерди оқытыў ҳәм таярлаўды тәмийинлейди.
Мәмлекетлик уйымлар майыплығы болған шахслардың спорт пенен шуғылланыўы ушын шараятлар жаратыў ҳәм оларды спорт пенен шуғылланыўға қамтып алыў менен байланыслы бағдарламаларды мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, соның ишинде майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери менен биргеликте ҳәр жылы ислеп шығады ҳәмде әмелге асырады.
Мәмлекет майыплығы болған шахслардың спорт пенен шуғылланыўын материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў системасын жаратады.

28-статья. Мүрәжат етиў ҳуқықы
Майыплығы болған шахслар мәмлекетлик уйымларға, шөлкемлерге ҳәм олардың лаўазымлы шахсларына жеке тәртипте ямаса жәмәәт болып мүрәжат етиў ҳуқықына ийе.
Мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары мүрәжатларды көрип шығып атырғанда Өзбекстан Республикасының ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Конституциялары ҳәмде нызамлары талапларына әмел етиўи, усы мүрәжатлардың толық, қалыс ҳәм өз ўақтында көрип шығылыўы ушын илажлар көриўи, сондай-ақ майыплығы болған шахслардың бузылған ҳуқықлары, еркинликлери тиклениўин ҳәмде олардың нызамлы мәплери қорғалыўын тәмийинлеў бойынша өз ўәкилликлери шеңберинде илажлар көриўи шәрт.
Мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм олардың лаўазымлы шахслары майыплығы болған шахслардың мүрәжатлар (арзалар, шағымлар, усыныслар) менен кириўи ушын төмендегилер жәрдеминде зәрүр шараятларды жаратыўы шәрт:
шахслар арасындағы қатнас қуралы сыпатында ым-ишара тилин тән алыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ оны раўажландырыў ҳәмде жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстыӊ түрли тараўларында қолланыў илажларын көриў;
майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм әмелге асырыў ушын зәрүр болған жағдайларда сурдоаўдарма хызметлерин көрсетиў;
майыплығы болған шахслар тәрепинен өз мүрәжатына қол қойыў ушын факсимиль имзадан пайдаланыў.
Еситиўи ҳәм сөйлеўи бойынша майыплығы болған шахсларға:
тергеў ҳәрекетлерин әмелге асырыўда ямаса жынаят, пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм экономикалық ислер бойынша суд процесслеринде қатнасыў ўақтында;
ҳүжжетлерди ямаса келисимлерди нотариал тәртипте рәсмийлестириўде;
автомобильди басқарыў көнликпелерине ямаса компьютер саўатлылығына оқыў ўақтында;
мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ўақтында сурдоаўдармашы хызметлери көрсетиледи.
Еситиўи ҳәм сөйлеўи бойынша майыплығы болған шахсларға сурдоаўдармашы хызметлери нызамшылықта нәзерде тутылған басқа да жағдайларда көрсетилиўи мүмкин.
Мәмлекет ҳәр жылы сурдоаўдармашылар, сурдопедагоглар, дефектологлар ҳәм логопедлер таярланыўын тәмийинлейди.

 29-статья. Майыплығы болған шахстыӊ факсимиль имзасы
Майыплығы болған шахстың факсимиль имзасы – денсаўлығының жағдайына бола (көриўдиң бузылыўы, қол-аяқлардың жоқлығы, ҳәрекетлерди муўапықластырыўдыӊ бузылыўы, ләңлик) өз қолы менен имза қойыў мүмкиншилигине ийе болмаған майыплығы болған шахстың өз қолы менен қойған имзасы орнын басатуғын, арнаўлы таярланған штамп (клише).
Майыплығы болған шахстың факсимиль имзасы майыплығы болған шахс тәрепинен тек ғана, егер ол өзиниң физикалық нуқсанлары себепли зәрүрли ҳүжжетлерге қол қойыў ўақтында өз қолы менен имза қойыў мүмкиншилигине ийе болмаса, қолланылыўы мүмкин.
Факсимиль имза майыплығы болған шахс ушын таярланады ҳәм ол тәрепинен пүткил өмири даўамында пайдаланылады. Факсимиль имза жойтылған жағдайда оның дубликаты таярланады.
Ҳеш ким факсимиль имзадан пайдаланыўы себепли өз пуқаралық ҳуқықларын әмелге асырыўда шеклениўи мүмкин емес.

30-статья. Жәмийеттиң санасында майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳәм қәдир-қымбатына ҳүрметти қәлиплестириў ҳәмде беккемлеў
Мәмлекетлик уйымлар жәмийеттиң санасында майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳәм қәдир-қымбатына ҳүрметти қәлиплестириў ҳәмде беккемлеў мақсетинде:
майыплығы болған шахслардың белсенди социаллық ролиниң унамлы қабыл етилиўине ғалаба хабар қураллары ҳәм баспасөз жәрдеминде көмеклесиўин;
майыплығы болған шахслардың потенциалын ҳәмде жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўына қосып атырған үлесин үгит-нәсиятлаўды;
майыплығы болған шахслардың социаллық интеграциясына имканият бериўши тымсалын унамлы ҳәм кеӊпейиллик тийкарында сәўлелендириў бағдарындағы ғалаба хабар қуралларын хошаметлеўди;
майыплығы болған шахслар туўралы турақласып қалған көзқарасларды ҳәм түсиниклерди сапластырыў бойынша илажларды әмелге асырыў;
билимлендириўдиң барлық басқышларында, соныӊ ишинде балаларда гөдеклик жасынан баслап майыплығы болған шахсларға ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыўды тәрбиялаўды;
майыплығы болған шахслардың қәдир-қымбаты ҳәм қәбилети ҳәмде олардың жумыс орнындағы ҳәм мийнет базарындағы жәмәәтлик жетискенликлерге қосып атырған үлесиниң тән алыныўына көмеклесиўин;
майыплығы болған шахсларға ҳәм олардың ҳуқықларына арналған тәрбиялық-таныстырыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәмде енгизиўди тәмийинлейди.
Мәмлекет ҳәр жылы төмендеги мәмлекетлик буйыртпаларды жайластырады:
жәмийетте майыплығы болған шахслар туўралы турақласып қалған көзқарасларды ҳәм түсиниклерди сапластырыўға, сондай-ақ майыплығы болған шахслардың унамлы образын қәлиплестириўге қаратылған көркем, ҳүжжетли фильмлер, спектакллер таярланыўына байланыслы;
майыплығы болған шахслардың потенциалын ҳәмде жәмийет ҳәм мәмлекет турмысына қосатуғын үлесин үгит-нәсиятлаўға, сондай-ақ майыплығы болған шахслардың унамлы образын жаратыўға қаратылған социаллық реклама мәлимлемесин ҳәмде мақалаларды таярлаў ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәриялаўға байланыслы.
Майыплығы болған шахслар ҳаққындағы унамлы пикирлеўге қаратылған социаллық реклама телеканалларда, баспасөзде ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларында жайластырылады.
Ҳуқық ҳәм гуманитар бағдардағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары бойынша курслар өткериледи ҳәм оқыў пәнлери үйретиледи.

IV бап. Пуқараны майыплығы болған шахс деп табыў, майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм абилитациялаў

 31-статья. Медициналық-социаллық экспертиза
Пуқараны майыплығы болған шахс деп табыў – медициналық-социаллық эксперт комиссиялары тәрепинен, он сегиз жасқа шекемги болған балаларды майыплығы болған шахс деп табыў болса – педиатрия медициналық-социаллық эксперт комиссиялары тәрепинен әмелге асырылады.
Шахс медициналық-социаллық экспертизаға мәмлекетлик медицина мәкемеси тәрепинен жибериледи, буған усы статьяныӊ үшинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдайлар кирмейди.
Шөлкемлестириў-ҳуқықый формасына қарамастан, медициналық мәкемелер майыплық белгилери анық көринип турған шахсларды клиникалық-функционал мағлыўматларды алыўға байланыслы қосымша тексериўлерди өткерместен медициналық-социаллық экспертизаға жибериўге ҳақылы.
Егер шахс денсаўлығының жағдайына бола медициналық-социаллық эксперт комиссиясына барыў имканиятына ийе болмаса ҳәм бул медицина мәкемесиниӊ жуўмағы менен тастыйықланса, медициналық-социаллық экспертиза үйде ямаса шахс емлениўде болған стационарда өткерилиўи мүмкин.
Медициналық-социаллық эксперт комиссиясының мәжилислеринде жергиликли мийнет уйымларыныӊ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларыныӊ, кәсиплик аўқамларының, қамсызландырыў шөлкемлериниң ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелериниң ўәкиллери қатнасыўы мүмкин.
Тексериўден өткериў медициналық ҳүжжетлер қабыл етилген күннен баслап он календарь күнинен кешиктирмей медициналық-социаллық эксперт комиссиялары тәрепинен өткериледи. Медициналық-социаллық экспертизадан өтиў ушын жиберилген шахс медициналық-социаллық эксперт комиссиясы тәрепинен тексериўден өткериў күни ҳаққында медициналық ҳүжжетлер қабыл етилген күннен баслап еки жумыс күни ишинде хабардар етиледи. Майыплық анықланған жағдайда, медициналық-социаллық эксперт комиссиялары тәрепинен ҳүжжетлер қабыл етилген сәнеден баслап пуқара майыплығы болған шахс деп табылады.
Медициналық-социаллық экспертиза нәтийжелери бойынша майыплығы болған шахс деп табылған пуқараға – майыплық топары, оның белгилениў себеби ҳәм мүддетлери, он сегиз жасқа дейинги балаларға болса қайта тексериўден өтиў мүддети менен – «Майыплығы болған балалар» категориясы белгиленеди.
Қайта тексериўден өткериў мүддети көрсетилмейтуғын майыплық инсан мүшелери функцияларының ҳәмде организм системаларының турақлы, дәслепки ҳалына қайтарып болмайтуғын морфологиялық өзгерислери ҳәм бузылыўлары болған, әмелге асырылған реабилитация илажларының нәтийжесизлиги ақыбетинде кеселликтиң өтиўи ҳәм денсаўлықтың тиклениўин, социаллық бейимлесиўин жақсылаў мүмкин болмаған жағдайда, белгиленген тәртипте тастыйықланған кеселликлер ҳәм анатомиялық нуқсанлар дизимине муўапық белгиленеди.
Көрсетилген мүддетлерден алдын қайта тексериўден өткериў денсаўлықтың жағдайы ҳәм өмирдеги ҳәрекетиниӊ шекленгенлик дәрежеси өзгергенде ямаса медициналық-социаллық эксперт комиссиялары тийкарланбаған қарар қабыл еткенлиги фактлери анықланғанда ямаса жоқары турыўшы медициналық-социаллық эксперт комиссиялары тәрепинен қадағалаў ўазыйпасы орынланғанда әмелге асырылады.
Медициналық-социаллық эксперт комиссиялары зәрүрли үскенелер менен үскенеленген мәмлекетлик медицина мәкемелерине бийпул тексериўлер өткериў ушын бириктирип қойылады.
Мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик шөлкемлер майыплықтың жүзеге келиўине тәсир етиўши факторлар ҳәмде шараятларды үйрениў мақсетинде майыплыққа алып келиўши кеселликлер жүзеге келиўиниң өндирислик, социаллық, экологиялық ҳәм басқа да себеплерин анализлеўди өз ўәкилликлери шеңберинде әмелге асырады.
Медициналық-социаллық эксперт комиссиялары майыплығы болған шахслардың мағлыўматлар базасын қәлиплестириў, майыплықты есапқа алыў ҳәм майыплық структурасын анализлеў мақсетинде майыплығы болған шахслардың (балалардың) жеке ҳүжжетлер топламын жүргизеди.
Майыплықты белгилеў критериялары ҳәм механизмлери Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

32-статья. Майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм абилитациялаў
Майыплығы болған шахсларды реабилитациялаўдыӊ мақсети оларға толық турмыс тәризин жүргизиў ҳәмде өз ҳуқықлары ҳәм потенциаллық имканиятларын әмелге асырыў мүмкиншилигин беретуғын социаллық статусын, өзине өзи хызмет көрсетиўге ҳәм кәсиплик жумыстыӊ ҳәр қыйлы түрлерине байланыслы қәбилетин тиклеўден ибарат болып табылады.
Мәмлекет майыплығы болған шахслардың мәмлекетлик шөлкемлерде медициналық, социаллық, кәсиплик ҳәмде физикалық реабилитацияланыўын ҳәм абилитацияланыўын кепиллейди.
Медициналық реабилитациялаў майыплығы болған шахслардың мүшелериниң ҳәмде организм системаларының бузылған ҳәм (ямаса) жойтылған функцияларын сақлап қалыўға, бир бөлегин ямаса толық тиклеўге қаратылған медициналық хызметлер комплекси болып табылады.
Социаллық реабилитациялаў майыплығы болған шахслардың өмирдеги ҳәрекетиниӊ шекленгенлигин жеңип өтиўи ушын шараятлар жаратыўға, социаллық статусын, өзине өзи хызмет көрсетиў, ғәрезсиз жасаў имканиятларын тиклеўге, сондай-ақ оларды жәмийетте шаңарақлық турмыстың күнделикли шараятларына қайтарыўға қаратылған илажлар комплекси болып табылады.
Кәсиплик реабилитациялаў майыплығы болған шахсларды кәсипке бағдарлаўға, кәсипке оқытыўға ҳәм жумысқа орналастырыўға, сондай-ақ олардың қолдан шығарылған кәсиплик билимлери, шеберлиги ҳәм көнликпелерин қайта тиклеўге қаратылған илажлар комплекси болып табылады.
Майыплығы болған шахслар организминиң бузылған ямаса ўақтынша жоғалған фунцияларын ҳәмде олардың социаллық ҳәм кәсиплик жумысқа болған қәбилетин дене тәрбиясы ҳәм спорт қураллары ҳәмде усылларынан пайдаланған ҳалда қайта тиклеў (дүзетиў ҳәм компенсациялаў) физикалық реабилитациялаў болып табылады.
Майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм абилитациялаў майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасына муўапық шөлкемлестириледи.
Абилитациялаў жәмийет турмысына бейимлестириў ушын организмниң жоқ болған (туўма) ҳәм (ямаса) раўажланбаған функцияларын қәлиплестириўге қаратылған медициналық, социаллық, педагогикалық, психологиялық жақтан емлеў ҳәм басқа да емлеў илажлары комплекси болып табылады.
Абилитациялаў бойынша хызметлер қәўипли топардағы балаларға көрсетилетуғын медициналық-социаллық, психологиялық ҳәм педагогикалық жақтан дүзетиў хызметлерин, сондай-ақ басқа да дүзетиў хызметлерин өз ишине алады.
Қәўипли топардағы балалар қатарына ерте араласыў ҳәмде зәрүрли медициналық, социаллық, психологиялық, педагогикалық жақтан дүзетиўге ямаса басқа да дүзетиўге байланыслы жәрдем көрсетилмегенде физикалық ҳәм (ямаса) руўхый раўажланыўында жоқары дәрежедеги артта қалыў итималы болған үш жасқа шекемги балалар киреди.
Абилитациялаў бойынша хызметлер, шөлкемлестириў-ҳуқықый формасына қарамастан, медициналық-социаллық шөлкемлер, сондай-ақ медициналық-социаллық хызметлер көрсетиўге байланыслы қәнигелестирилген шөлкемлер тәрепинен көрсетиледи.
Майыплығы болған шахсларды (балаларды) абилитациялаў олардың мүтәжликлерине илажы барынша бейимлестирилген көлемде, тәжирийбели хызметкерлер тәрепинен әмелге асырылады.

33-статья. Майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдыӊ жеке тәртиптеги бағдарламасы
Майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасы медициналық-социаллық экспертиза тийкарында ислеп шығылған, майыплығы болған шахс ушын мақул реабилитациялаў илажларыныӊ комплекси болып, усы илажлар организмниң бузылған ямаса жоғалған функцияларын, сондай-ақ майыплығы болған шахстың мийнет етиўиниң айырым түрлерин орынлаў қәбилетин қайта тиклеўге, компенсациялаўға қаратылған медициналық, социаллық, кәсиплик ҳәм физикалық реабилитациялаў илажларын әмелге асырыўдың айырым түрлери, формалары, көлемлери, мүддетлери ҳәмде тәртибин өз ишине алады.
Майыплығы болған шахс ушын медициналық-социаллық экспертиза өткерилгенинен кейин он күн ишинде майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасы ислеп шығылады.
Майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, сондай-ақ шөлкемлестириў-ҳуқықый формасына қарамастан басқа да шөлкемлер тәрепинен орынланыўы шәрт.
Майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасы медициналық, социаллық, билимлендириўге байланыслы ҳәм кәсиплик тараўлардағы қәнигелер тәрепинен өткерилетуғын көп тараўлар бойынша баҳалаў тийкарында ислеп шығылады.
Шөлкемлестириў-ҳуқықый формасына қарамастан, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, сондай-ақ басқа да шөлкемлер майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламаларында нәзерде тутылатуғын илажлардың сөзсиз, өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын тәмийинлейди.
Майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдыӊ жеке тәртиптеги бағдарламасын дүзиўде медициналық-социаллық эксперт комиссиясының шыпакерлери майыплығы болған шахсты усы Нызамда берилип атырған ҳуқықлары ҳаққында хабардар етиўи шәрт.
Майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдыӊ жеке тәртиптеги бағдарламасын орынлаў бойынша илажларды қаржыландырыў Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дереклер есабынан әмелге асырылады.
Майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдыӊ жеке тәртиптеги бағдарламасында көрсетилген илажларды өткериў ўақтында майыплығы болған шахс төмендеги ҳуқықларға ийе:
реабилитацияны өткериўге қатнасыўшы шахслар тәрепинен өзине болған тең, ҳүрмет пенен қатнаста болыў;
өз ҳуқықлары ҳәм имканиятлары, сондай-ақ реабилитациядан өтиў өзгешелиги, сапасы, шараятлары ҳаққында толық ҳәмде исенимли мәлимлеме алыў;
мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, соның ишинде майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелериниң ўәкиллерин реабилитация өткериўдиң ҳәр қандай басқышында тартыў.
Майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасы майыплығы болған шахс ушын усыныс өзгешелигине ийе. Бул шахс реабилитация илажларының ол ямаса бул түринен, формасы ҳәм көлеминен, сондай-ақ бағдарламаны әмелге асырыўдан пүткиллей ўаз кешиўге ҳақылы. Майыплығы болған шахс өзиниң реабилитациялаўдыӊ белгили бир техникалық қуралы ямаса басқа қуралы яки түри, соның ишинде автомобиллер, отырғышлы арбашалар, протез-ортопедия үскенелери, арнаўлы ҳәрипли баспа басылымлар, даўыс күшейтиўши аппаратлар, сигнализаторлар, субтитрли ямаса сурдоаўдармалы видеоматериаллар ҳәм басқа да усы сыяқлы қураллар менен тәмийинлениўи ҳаққындағы мәселени ғәрезсиз түрде шешиўге ҳақылы болып табылады.
Реабилитациялаўдың техникалық қураллары ҳәм хызметлери майыплығы болған шахсларға, әдетте, натура формасында усынылады.
Егер майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдыӊ жеке тәртиптеги бағдарламасында нәзерде тутылған реабилитациялаўдыӊ техникалық қуралын яки хызметти оған усыныўдың имканияты болмаса ямаса майыплығы болған шахс өз есабынан тийисли қуралды алған яки хызмет ушын ҳақы төлеген болса, оған майыплығы болған шахсқа берилиўи керек болған реабилитациялаўдыӊ техникалық қуралының ямаса хызметтиң баҳасы муғдарында компенсация төленеди.
Майыплығы болған шахс майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдыӊ жеке тәртиптеги бағдарламасынан пүткиллей ўаз кешкен ямаса бағдарламаның айырым бөлимлериниң әмелге асырылыўынан ўаз кешкен жағдайда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, сондай-ақ басқа да шөлкемлер, шөлкемлестириў-ҳуқықый формасына қарамастан, бағдарламаның орынланбағанлығы ушын жуўапкер болмайды.
Майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Қарақалпақстан Республикасындағы майыплығы болған шахсты реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети усыныслар киргизеди.

34-статья. Протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаўдыӊ техникалық қураллары
Мәмлекетлик заманагөй протез-ортопедия үскенелерин ҳәм реабилитациялаўдыӊ техникалық қуралларын жаратыў ҳәмде ислеп шығарыўды шөлкемлестириў мақсетинде реабилитациялаў индустриясын раўажландырыўға көмеклеседи.
Протез-ортопедия үскенелериниӊ ҳәм реабилитациялаў техникалық қуралларыныӊ мәмлекетлик реестри (дизими), бундай қураллар менен тәмийинлеў тәртиби, сондай-ақ майыплығы болған шахсларды реабилитациялаўдыӊ техникалық қураллары менен тәмийинлеў ушын медициналық көрсетпелер ҳәм қарсы көрсетпелер дизими белгиленген тәртипте анықланады.
Майыплығы болған шахсларды протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаўдыӊ техникалық қураллары менен тәмийинлеў бойынша қәрежетлерге байланыслы миннетлерди қаржыландырыў, соныӊ ишинде оларды таярлаў ҳәм оӊлаў Өзбекстан Республикасыныӊ Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан әмелге асыралады.
Майыплығы болған шахслардыӊ протез-ортопедия үскенелери ҳәм оларды реабилитациялаўдыӊ техникалық қураллары ушын усы статьяда нәзерде тутылған қәрежетлерди қаржыландырыўға байланыслы қосымша қаржылар нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дереклерден алыныўы мүмкин.
Есабат дәўири жуўмақлары бойынша қайсы исбилерменлик субъектиниӊ улыўма түсиминиң кеминде отыз проценти майыплығы болған шахслар ушын протез-ортопедия үскенелерин ҳәм инвентарьларын ислеп шығарыўдан, сондай-ақ оларға ортопедиялық протезлеў хызметлерин көрсетиўден, протез-ортопедия үскенелерин ҳәм инвентарьларын оӊлаў ҳәмде хызмет көрсетиўден келип түскен болса, сол исбилерменлик субъекти төмендеги ҳуқықларға ийе:
өзи киргизген усыныслар таӊлаў саўдалары басқа қатнасыўшыларыныӊ усыныслары менен теӊ болған жағдайда қарыйдар тәрепинен инвестициялық миннетлерин ҳәм социаллық миннетлерин қабыллаў шәрти менен мәмлекетлик мүлк объектлерин «ноль» баҳада сатып алыў бойынша реализациялаў ушын өткерилген таӊлаў саўдалары нәтийжелерине бола контракт дүзиўге байланыслы үстинлик;
мәмлекетлик мүлк объекти ушын усы объекттиӊ ижара ҳақы ставкасы еӊ кем муғдарыныӊ елиў проценти муғдарында ижара ҳақы төлеў.

V бап. Майыплығы болған шахслардыӊ денсаўлығын сақлаў ҳәм оларға социаллық жәрдем көрсетиў

 35-статья. Майыплығы болған шахслардыӊ денсаўлығын сақлаў
Мәмлекет майыплығы болған шахслардыӊ денсаўлықты сақлаў хызметлеринен, сапалы ҳәм майыплығы болған шахслардың мүтәжликлерин есапқа алыўшы медициналық жәрдемнен басқа пуқаралар менен теңдей пайдаланыў ҳуқықы әмелге асырылыўын тәмийинлеў ушын зәрүрли илажлар көреди.
Мәмлекет майыплығы болған шахсларға, пуқараларға бийпул медициналық жәрдем көрсетиўдиң мәмлекетлик кепилликлери бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылатуғын квалификацияланған медициналық жәрдем көрсетилиўи бойынша илажлар көреди. Майыплығы болған шахсларды медициналық күтим бериў барлық дәрежелердеги медициналық хызметлер шеңберинде, сондай-ақ майыплығы болған шахслар ушын қәнигелестирилген хызметлер тәрепинен әмелге асырылады.
Өтлесип барыўшы формадағы ямаса ақырғы басқыштағы даўасыз кеселликлерге шатылған шахслар наўқаслардың физикалық, руўхый, сезимталлық ҳәм мәнаўий зәрүрликлерин қанаатландырыўды нәзерде тутатуғын паллиативлик медициналық ғамқорлық хызметлери көрсетилиўи ҳуқықына ийе болады.

36-статья. Майыплығы болған шахсларға социаллық жәрдем көрсетиў
Майыплығы болған шахсларға социаллық жәрдемниң төмендеги түрлери көрсетиледи:
пул төлемлери (пенсиялар, напақалар, бир мәрте берилетуғын төлемлер);
реабилитациялаўдың техникалық қураллары, сурдотехника, тифлотехника қураллары ямаса басқа да қураллар, соның ишинде отырғышлы арбашалар, протез-ортопедия буйымлары, арнаўлы ҳәрипли баспа басылымлары, даўыс күшейтиўши аппаратлар ҳәм сигнализаторлар, субтитрли ямаса  сурдоаўдармалы видеоматериаллар, сондай-ақ автомобиллер менен тәмийинлеў;
медициналық, социаллық, кәсиплик, физикалық реабилитациялаў бойынша хызметлер ҳәм турмыслық хызметлер;
транспорт хызметлери;
дәрилик затлар менен тәмийинлеў.
Майыплығы болған шахсларға социаллық жәрдем жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, денсаўлықты сақлаў, халық билимлендириў уйымлары, басқа да мәмлекетлик уйымлар тәрепинен медициналық-социаллық эксперт комиссияларының жуўмақлары тийкарында көрсетиледи.
Майыплығы болған, өзине өзи хызмет көрсетиў қәбилетиниӊ бир бөлегин ямаса толық жоғалтқан ҳәм өзгелердиң турақлы күтимине мүтәж болған шахсларға олардың үйинде ҳәмде ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың қәнигелестирилген стационар мәкемелеринде нызамшылықта белгиленген тәртипте хызметлер көрсетиледи. Бул мәкемелерде социаллық хызметлер көрсетиў менен бир қатарда өмирдеги ҳәрекетлери ушын тийисли шараятлар менен тәмийинленеди, медициналық хызметлер көрсетиледи, сондай-ақ мийнет етиў ҳәм дем алыў шөлкемлестириледи.
Жумыс бериўшиниң айыбы менен мийнетте майып болған ямаса кәсиплик кеселликке шатылған майыплығы болған шахслар медициналық көрсетпелерге бола жумыс бериўшиниң (шөлкемниң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасына қарамастан) қаржылары есабынан реабилитациялаўдың техникалық ҳәм арнаўлы транспорт қураллары менен тәмийинленеди.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары майыплығы болған шахсларға жергиликли бюджет қаржылары есабынан қосымша социаллық кепилликлер белгилеў ҳуқықына ийе.
Майыплығы болған шахслар санаторий-курортта бийпул саўалландырыў, сондай-ақ дәрилик затлар, майыплығы болған шахслардың күтими ушын мөлшерленген медициналық буйымлар ҳәм майыплығы болған балалар ушын арнаўлы шыпалы азық-аўқатлық өнимлер менен тәмийинлениў ҳуқықына ийе.
Майыплығы болған шахслардың санаторий-курортта саўалландырылыўын тәмийинлеў тәртиби ҳәмде дәрилик затлардыӊ, майыплығы болған шахслардың күтими ушын мөлшерленген медициналық буйымлардың ҳәм майыплығы болған балалар ушын арнаўлы шыпалы азық-аўқатлық өнимлердиң дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

37-статья. Майыплығы болған шахсларға социаллық-турмыслық хызмет көрсетиў
Майыплығы болған шахсларға социаллық-турмыслық хызмет көрсетиў денсаўлықты сақлаў уйымлары, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары уйымлары, қайырқомлық шөлкемлери ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, соның ишинде майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери қатнасыўында әмелге асырылады ҳәмде төмендеги түрлерди өз ишине алады:
социаллық қорғаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў мәселелери бойынша кеңес бериў;
тийисли уйымлар ҳәм шөлкемлерге жибериў;
денсаўлығының жағдайы бойынша өзине қәўендерлик белгилениўине мүтәж майыплығы болған шахсларға көмеклесиў ҳәм қәўендерлердиң өз миннетлерин орынлаўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;
протез-ортопедия буйымларын ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қуралларын алыўда көмеклесиў;
өзгелердиң күтимине мүтәж майыплығы болған шахсларды дәрилик затлар менен бийпул ямаса жеңиллетилген түрде тәмийинлеў;
өзгелердиң күтимине мүтәж майыплығы болған шахслардың тийкарғы азық-аўқатлық өнимлери ҳәмде гигиена қураллары менен бийпул тәмийинлениўине, соның ишинде аўқат таярлаўына ҳәм турақ жайды жыйнастырыўына, гигиенаны әмелге асырыўына көмеклесиў.
Егер хызметкер жумыс бериўшиниң айыбы менен майып ҳәм өзгелердиң күтимине мүтәж болып қалған болса, майыплығы болған шахс мийнет қәбилетин жоғалтқан ўақытта оған ғамқорлық етиўши шахсты жумыс бериўши медициналық-социаллық эксперт комиссияларының ямаса педиатрия медициналық-социаллық эксперт комиссияларының жуўмағына муўапық өз есабынан тәмийинлеўи ҳәмде жәбирленген хызметкерге жеткерилген материаллық зыянның орнын қаплаўы ҳәм мораллық зыянды компенсациялаўы шәрт.

VI бап. Майыплығы болған шахслардың билим алыўы, усы шахсларды кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў

 38-статья. Майыплығы болған шахслардың билим алыў ҳуқықы
Майыплығы болған шахслар барлық дәрежелердеги билимлендириў шөлкемлеринде билим алыў ҳәм өз қәбилетин және де толығырақ раўажландырыў ушын пүткил өмири даўамында билим алыў ҳәмде жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында қатнасыў ҳуқықына ийе.
Мәмлекет майыплығы болған шахслардың инклюзив билим алыўын раўажландырыўды, олардың билим алыўы ҳәм кәсиплик таярлықтан, қайта таярлаўдан ҳәм маманлығын арттырыўдан өтиўи ушын зәрүрли шараятлар жаратылыўын кепиллейди.
Билимлендириў шөлкемлери мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте майыплығы болған балалардың мектепке шекемги, мектептен тысқары ҳәм улыўма орта билим алыўын, сондай-ақ орта арнаўлы, профессионал, жоқары ҳәм жоқары оқыў орнынан кейинги билимди алыўын тәмийинлейди.
Егер майыплығы болған балаларды билимлендириў мәкемелеринде оқытыўдың ўақытша имканияты болмаса, билимлендириў тараўындағы мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм билимлендириў мәкемелери майыплығы болған балалардың тараўға байланыслы шыпакерлердиң усыныслары тийкарында ҳәмде ата-анасының ямаса басқа нызамлы ўәкиллериниң келисими менен үйде оқытылыўын тәмийинлейди.
Майыплығы болған балаларды үйде оқытыў Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылады.
Мәмлекет майыплығы болған балалардың бийпул улыўма орта, мектептен тысқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билим алыўын кепиллейди.
Майыплығы болған шахсларды төлемнен азат еткен ҳалда ямаса жеңиллетилген шәртлер тийкарында арнаўлы оқыў қолланбалары ҳәм әдебиятлар, сондай-ақ сурдоаўдармашылар хызметлеринен пайдаланыў имканияты менен тәмийинлеў Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылады.
Мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери майыплығы болған шахсларды (балаларды) оқытқаны ушын төлем бойынша жеңилликлер белгилеўге ҳақылы.
Майыплығы болған шахсларға билим бериў, оларды кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў түрли формаларда, соның ишинде өндиристен ажыралған ҳәм ажыралмаған ҳалда, экстернат формасында, сондай-ақ аралықтан билимлендириў технологияларынан пайдаланған ҳалда, улыўма типтеги билимлендириў мәкемелеринде ҳәм шөлкемлеринде, қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде, үйде, арнаўлы топарларда, классларда ҳәм жеке тәртиптеги оқыў режелери бойынша оқытыў жолы менен әмелге асырылады.
Майыплығы болған балаларды ҳәр тәреплеме ҳәм үнлес раўажландырыў, оларда социаллық белсендиликти қәлиплестириў, мийнетке қызығыўшылық оятыў, оларды илимге, техникаға, көркем өнерге ҳəм спортқа тартыў мақсетинде билимлендириў мәкемелери майыплығы болған балалардың мектептен тысқары билимлендириўден пайдаланыўын, бул ушын зәрүрли шараятлар жаратқан ҳалда, мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте тәмийинлеўи шәрт.
Ым-ишара тили Өзбекстан Республикасы тәрепинен майыплығы болған шахслардың шахслар арасындағы қатнас қуралы сыпатында тән алынады.
Мәмлекетлик уйымлар майыплығы болған шахслардың ҳәр бири ушын сәйкес болған тиллерди, қатнас усыллары ҳәм қуралларын раўажландырыў, Брайль әлипбесин, альтернатив ҳәриплерди, сөйлеў ҳәм аўызеки қатнас көнликпелерин өзлестириў, сондай-ақ оқытыўшыларды ҳәм мектеп хызметкерлерин инклюзив билимлендириў мәселелеринде оқытыў, ым-ишара тилин ҳәм Брайль әлипбесин билетуғын майыплығы болған оқытыўшыларды билимлендириў мәкемелерине жумысқа орналастырыў жәрдеминде майыплығы болған шахслар ушын билимлендириў системасын жетилистириў илажларын көреди.

39-статья. Майыплығы болған балалардың мектепке шекемги билим алыўы
Майыплығы болған балалардың мектепке шекемги билим алыўы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде әмелге асырылады.
Мектепке шекемги жастағы майыплығы болған балалар ушын зәрүрли реабилитациялаў ҳәм абилитациялаў илажлары әмелге асырылады ҳәмде олардың мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде болыўы ушын қолайлы шараятлар жаратылады.
Денсаўлығының жағдайы себепли мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде болыўға ўақытша имканияты болмаған майыплығы болған балалар ушын көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери шөлкемлестириледи.
Көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде алдынғы методикаларды өз ишине алатуғын мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбияның мәмлекетлик билимлендириў бағдарламасын әмелге асырыў тәмийинленеди.

40-статья. Майыплығы болған шахслардың улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал, мектептен тысқары, жоқары ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билим алыўы
Майыплығы болған шахслардың улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билим алыўы, профессионал билимлендириўи билимлендириў мәкемелеринде ҳәм шөлкемлеринде, зәрүрлик болғанда қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде әмелге асырылады.
Майыплығы болған шахслардың мектептен тысқары билимлендириўи балалар, өспиримлер дөретиўшилик сарайлары, үйлери, клублары ҳәм орайларында, «Бәркамал әўлад» балалар мектебинде, балалар-өспиримлер спорт мектеплеринде, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде, студияларда, мәлимлеме-китапхана ҳәмде саўалландырыў мәкемелеринде әмелге асырылады.
Майыплығы болған шахслардың жоқары билимлендириўи жоқары оқыў орынларында ҳәм шөлкемлеринде әмелге асырылады.
Майыплығы болған шахслардың жоқары билимлендириўден кейинги билим алыўы жоқары оқыў ҳәм илимий шөлкемлерде даўам етиўи мүмкин.
Стационар емлеў-профилактикалық ямаса реабилитация мәкемелеринде емлеў курсын өтеп атырған майыплығы болған балалар ушын усы мәкемелерде оқыў шынығыўлары шөлкемлестириледи.
Профессионал билим алыў ушын арнаўлы шараятларға мүтәж майыплығы болған шахслар ушын ҳəр түрли типтеги ҳәм түрдеги қәнигелестирилген профессионал билимлендириў мәкемелери шөлкемлестириледи. Оларда оқытыў арнаўлы оқыў бағдарламалары тийкарында мәмлекетлик билимлендириў стандартларына муўапық әмелге асырылады.
Майыплығы болған шахслар ушын жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грант тийкарында абитуриентлерди қабыллаў улыўма санының еки проценти муғдарында қосымша қабыллаў квотасы ажыратылады.
Майыплығы болған шахсларды қосымша квота тийкарында жоқары оқыў орынларына қабыллаў кириў имтиханлары нәтийжелери бойынша әмелге асырылады.
Майыплығы болған шахслар ушын ажыратылған қосымша квоталар бойынша оқытыўға қабыл етилмеген абитуриентлер топлаған баллары менен билимлендириўдиӊ усы бағдары бойынша таңлаўда улыўма тийкарларда қатнасады.

41-статья. Майыплығы болған шахсларды кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў
Майыплығы болған шахсларды кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў билимлендириў мәкемелеринде ҳәм шөлкемлеринде, соның ишинде қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде, сондай-ақ майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелериниң кәрханаларында майыплығы болған шахсларды реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасына муўапық тәмийинленеди.
Мәмлекет кәсипке таярлаў (соның ишинде кәсипке диагноз қойыў ҳәм бағдарлаў, қәлиплестириў ҳәм реабилитациялаў), тәрбиялаў, оқытыў ҳәм жетилистириў дәўиринде дидактикалық ҳәмде инструкциялық материал, соның ишинде көзи әззилер ушын материаллар (Брайль әлипбеси), көриў қәбилети әззи болғанлар ушын даўыслы варианттағы ҳәриплер, даўыслы әдебият, соның ишинде топарларда оқытыў ушын жәрдемши даўыс системалары, еситиў қәбилети әззи болғанлар ушын мимика ҳәм ым-ишара тилине аўдармалаў менен тәмийинлениўин кепиллейди.
Денсаўлықты сақлаў мәкемелери тәрепинен жеңил автомобиллерди басқарыў ушын жарамлы деп табылған майыплығы болған шахсларды шофёрлыққа таярлаў арнаўлы оқыў бағдарламалары тийкарында әмелге асырылады.
Герең ҳәм герең-сақаў шахсларды шофёрлыққа таярлаў улыўма оқыў бағдарламасы тийкарында сурдоаўдарма менен әмелге асырылады.

VII бап. Майыплығы болған шахслардың мийнет етиўи ҳәм бәнтлиги

 42-статья. Мийнет етиўге болған ҳуқықтың әмелге асырылыўын тәмийинлеў
Майыплығы болған шахс әдеттеги мийнет шараятларына ийе шөлкемлерде, майыплығы болған шахслардың мийнетинен пайдаланыўшы қәнигелестирилген кәрханаларда, цехларда ҳәм участкаларда ислеўге, сондай-ақ нызамшылықта қадаған етилмеген жеке тәртиптеги мийнет жумысын яки басқа да жумысты әмелге асырыўға ҳақылы.
Мийнет қатнасықларының барлық формаларына байланыслы, соның ишинде жумысқа қабыллаў шәртлерине, жумысқа жаллаўға, мийнет жумысын әмелге асырыўға, жумысты сақлап қалыўға, хызметте (жумыста) лаўазым бойынша көтерилиўге, сондай-ақ қәўипсиз мийнет шараятлары тәмийинлениўине байланыслы майыплық белгиси бойынша кемситиў қадаған етиледи.
Майыплығы болған шахстың мийнет ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылған ўақытша мийнетке жарамсызлығы ҳәм дем алысларда болыўы дәўиринде жумыс бериўшиниң басламасы менен мийнет шәртнамасын бийкарлаўға жол қойылмайды, шөлкем толық сапластырылған жағдайлар буған кирмейди.
Майыплығы болған шахсларды түнги ўақытта жумысқа, сондай-ақ жумыстан тысқары ўақыттағы жумысларға ҳәм дем алыс күнлери тартыўға жол қойылмайды, нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди.
I ҳәм II топар майыплығы болған ислеўши шахсларға байланыслы мийнетке ҳақы төлеў муғдары кемейтилмеген ҳалда қысқартылған жумыс ўақты даўамлылығы белгиленеди ҳәм мийнет ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық ҳәр жылғы тийкарғы узайтылған дем алыс бериледи.

43-статья. Майыплығы болған шахсларды жумысқа орналастырыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў
Мәмлекет майыплығы болған шахсларды жумысқа орналастырыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ мийнет базарында олардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мақсетинде:
майыплығы болған шахсларды кәсиплик реабилитациялаўды әмелге асырады, оларды мийнетте бақлап барады, сондай-ақ майыплығы болған шахслардың сəйкес келетуғын жумысқа кириўин, сақлап қалыныўын ҳәм хызметте (жумыста) лаўазым бойынша көтерилиўин тәмийинлейди;
шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасына қарамастан, халықтың бәнтлиги ҳаққындағы нызамшылықта нәзерде тутылған тәртипте шөлкемлерде майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыллаў ушын жумыс орынларының ең кем санын белгилейди;
майыплығы болған шахсларды жумысқа орналастырыў ушын сəйкес келетуғын кәсиплер бойынша жумыс орынларыныӊ резервлениўин тәмийинлейди;
шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасына қарамастан, шөлкемлерди майыплығы болған шахсларды жумысқа орналастырыўға хошаметлейди, сондай-ақ қәнигелестирилген жумыс орынларының шөлкемлестирилиўин тәмийинлейди;
майыплығы болған шахслардың исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы ушын зәрүрли шараятлар жаратылыўын тәмийинлейди;
қәнигелестирилген кәрханаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлайды;
майыплығы болған шахсларды жаңа кәсиплерге оқытыў оқыў бағдарламаларының шөлкемлестирилиўи ҳәм жетилистирилиўин тәмийинлейди;
майыплығы болған шахслардың мәмлекетлик секторға жумысқа орналастырылыўын ҳәм бәнтлигиниң хошаметлениўин ҳәмде раўажландырылыўын тәмийинлейди;
майыплығы болған шахслардың мийнетинен, соның ишинде олардың  жумысты үйге алып ислеўинен пайдаланыўшы шөлкемлерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлайды.
Майыплығы болған шахсларды жумысқа орналастырыў жергиликли мийнет уйымлары тәрепинен тәмийинленеди.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен хызметкерлердиң саны жигирмадан артық болған шөлкемлерде хызметкерлер улыўма санының кеминде үш проценти муғдарында майыплығы болған шахсларды жумысқа орналастырыў ушын жумыс орынларының ең кем саны белгиленеди.
Майыплығы болған шахслардың мийнетинен пайдаланыў ушын майыплығы болған шахслардың мүтәжликлерин ҳәмде жергиликли өзгешеликлерди есапқа алған ҳалда қәнигелестирилген кәрханалар ҳәм жумыс орынлары шөлкемлестириледи. Көзи әззи майыплығы болған шахслар шараятлары өз имканиятларына сәйкес келетуғын өндиристе қатнасыўда жеӊилликли ҳуқыққа ийе болады.

VIII бап. Жуўмақлаўшы режелер

 44-статья. Тартысларды шешиў
Майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы тартыслар нызамшылықта белгиленген тәртипте шешиледи.

45-статья. Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик
Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлықта айыплы шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.

46-статья. Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жойытқан деп табыў
Төмендегилер өз күшин жойытқан деп есаплансын:
1) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2011-жыл 21-октябрьде қабыл етилген «Майыпларды социаллық қорғаў ҳаққында»ғы 97/VII санлы Нызамы;
2) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ 2011-жыл 21-октябрьде қабыл етилген «Майыпларды социаллық қорғаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамын (жаңа редакцияда) ҳəрекетке енгизиў туўралы» 96/VII санлы қарары;
3) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2014-жыл 27-июньда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 209/ХV санлы Нызамыныӊ 1-статьясы;
4) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2017-жыл 11-августта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 153/ХVII санлы Нызамыныӊ 1-статьясы;
5) Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2018-жыл 18-августта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 200/ХХII санлы Нызамыныӊ 2-статьясы.

47-статья. Усы Нызамныӊ орынланыўын, жеткерилиўин, мазмуны ҳәм әҳмийетиниӊ түсиндирилиўин тәмийинлеў
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер усы Нызамныӊ орынланыўын, орынлаўшыларға жеткерилиўин ҳәмде мазмуны ҳәм әҳмийетин халықтың арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.

48-статья. Нызамшылықты усы Нызамға муўапықластырыў
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
ҳүкиметлик қарарларды усы Нызамға муўапықластырсын;
мәмлекетлик басқарыў уйымлары усы Нызамға қайшы болған өзлериниң нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлериниң қайта көрип шығылыўын ҳәм бийкар етилиўин тәмийинлесин.

49-статья. Усы Нызамныӊ күшке кириўи
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
М.Камалов 

 Нөкис қаласы, 6-октябрь, 2021-жыл
№ 168/ХХII