Ҳүрметли Президентимиздиӊ «Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәмде Халықаралық раўажланыў Аўқамы қатнасыўында «Аўыл исбилерменлигин раўажландырыў-2-Фаза» жойбарын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 317-санлы қарарына муўапық 2025-2027 жыллар аралығында Өзбекстан Республикасында жасаўшы кем тәмийинленген, жумыссыз ҳаял-қызлардыӊ халықаралық тәжирийбели экспертлер тәрепинен исбилерменликке оқытылыўы белгилеп берилген еди.  Бүгинги күнде жойбар шеӊбериндеги жумыслар «Ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў» 1.4 субкомпаненти Болгарияныӊ Исбилерменлик ҳәм атқарыўды раўажландырыў Орайы (CEED Bulgaria) ҳәм Ташкенттеги «Annexure» консалтинг ҳәм инжиниринг компаниясы тәрепинен әмелге асырылып атырған болып, Бозатаў районы ҳәкимлиги мәжилислер залында жойбар топары ҳәм бозатаўлы ҳаял-қызлардыӊ ушырасыўы болып өтти.
 Бүгинги күнде жойбар шеӊбериндеги жумыслар «Ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў» 1.4 субкомпаненти Болгарияныӊ Исбилерменлик ҳәм атқарыўды раўажландырыў Орайы (CEED Bulgaria) ҳәм Ташкенттеги «Annexure» консалтинг ҳәм инжиниринг компаниясы тәрепинен әмелге асырылып атырған болып, Бозатаў районы ҳәкимлиги мәжилислер залында жойбар топары ҳәм бозатаўлы ҳаял-қызлардыӊ ушырасыўы болып өтти.  Онда Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими баслығы К.Идирисов, Жәҳән банкиниӊ Қарақалпақстандағы ўәкили Х.Жумабаев, жойбар баслығы И.Руденко, район белсендилери ҳәм ҳаял-қызлар қатнасты.
 Онда Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими баслығы К.Идирисов, Жәҳән банкиниӊ Қарақалпақстандағы ўәкили Х.Жумабаев, жойбар баслығы И.Руденко, район белсендилери ҳәм ҳаял-қызлар қатнасты.  Ушырасыўда мәмлекетимизде соӊғы жыллары шет ел грантлары ҳәм донор шөлкемлерин тартыў арқалы жергиликли халықтыӊ турмыс шараятын жақсылаў, олардыӊ машқалаларын шешиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди.
Ушырасыўда мәмлекетимизде соӊғы жыллары шет ел грантлары ҳәм донор шөлкемлерин тартыў арқалы жергиликли халықтыӊ турмыс шараятын жақсылаў, олардыӊ машқалаларын шешиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди.  Буннан соӊ, Жәҳән банкиниӊ Қарақалпақстандағы ўәкили Х.Жумабаев, жойбар баслығы И.Руденколар сөзге шығып, «Ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў» жойбары ҳаққында кеӊ түрде түсиник берди. Илаж даўамында Жойбар қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
 Буннан соӊ, Жәҳән банкиниӊ Қарақалпақстандағы ўәкили Х.Жумабаев, жойбар баслығы И.Руденколар сөзге шығып, «Ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў» жойбары ҳаққында кеӊ түрде түсиник берди. Илаж даўамында Жойбар қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.  Айтып өтиў орынлы, Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәмде Халықаралық раўажланыў Аўқамы тәрепинен қаржыландырылып атырған жойбар 2025-жылдыӊ февраль ҳәм 2027-жыл август айлары аралығында даўам етип, Бозатаў, Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районларынан 1500 ҳаял-қызлар 5 модул тийкарында оқытылады ҳәм сертификат бериледи. Сондай-ақ, жойбар жуўмағында ҳәр бир қатнасыўшы халықаралық экспертлер жәрдеминде грант жойбарларын жазып, еӊ жақсы жазылған грантлар 5 000 ҳәм 15 000 АҚШ доллары муғдарында қаржыландырылады. Бул қаржы оларға өзлериниӊ исбилерменлигин раўажландырыўға жәрдем береди.
Айтып өтиў орынлы, Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәмде Халықаралық раўажланыў Аўқамы тәрепинен қаржыландырылып атырған жойбар 2025-жылдыӊ февраль ҳәм 2027-жыл август айлары аралығында даўам етип, Бозатаў, Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районларынан 1500 ҳаял-қызлар 5 модул тийкарында оқытылады ҳәм сертификат бериледи. Сондай-ақ, жойбар жуўмағында ҳәр бир қатнасыўшы халықаралық экспертлер жәрдеминде грант жойбарларын жазып, еӊ жақсы жазылған грантлар 5 000 ҳәм 15 000 АҚШ доллары муғдарында қаржыландырылады. Бул қаржы оларға өзлериниӊ исбилерменлигин раўажландырыўға жәрдем береди.
Бозатаў, Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районлары ҳаял-қызлары ушын исбилерменлигин раўажландырыўға грант қаржылары ажыратылады
 
	
	



