Татарстан Республикасы делегациясының кейинги мәнзили «Akfa assembly» пластик айна ҳәм есиклерди ислеп шығарыўшы кәрхана болды. Бул кәрхана 2021-жылда иске түскен болып, онда ислеп шығарылған өнимлер шет мәмлекетлерге экспортқа шығарылып атырғаны менен әҳмийетли. Бул кәрхананың ашылыўы нәтийжесинде 200ден аслам жаңа жумыс орны жаратылды. Кәрханада ислеп шығарылып атырған есик ҳәм айна өнимлери, олардың дизайны менен жоқары дәрежедеги сапасы мийманларда қызығыўшылық оятты.