Бердақ Ғарғабай улының 195 жыллығына бағышланған әҳмийетли илаж болып өтти

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қарақалпақ халқының уллы шайыры Бердақ Ғарғабай улының 195 жыллығына бағышланған әдебий кеше болып өтти. Дәслеп,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев басшылығында университет жәмәәти, професссор-оқытыўшылары Бердақ бабамыздың естелигине гүл қойды.

Буннан соң,  Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде бабамыз Бердақ Ғарғабай улының 195 жыллығына бағышланған әдебий кеше болып өтти. Кешени университет ректоры А.Реймов ашып берди. Ол шығып сөйлеўинде өз заманының қаҳарманы ели-халқына,  келешек әўладларға өзинен бийбаҳа мийрас қалдырған тарийхый тулға Бердақ Ғарғабай улының 195 жыллығы менен жыйналғанларды қызғын қутлықлады.

Буннан соң бир қатар шығып сөйлеўшилер уллы ойшыл бабамыз мийрасының әҳмийети ҳаққында баянатлар жасады.

Өткерилген илаж-көркем әдебий бөлим менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети