Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың ең шетки шегара аймағы болған Қарақалпақстан посёлкасы аймағындағы мектеп, бақша ҳәм спорт имаратында болып, аймақта жасларға тәлим берип атырған устазлар менен ушырасты ҳәм олардың шараятлары менен танысты. Соның менен бирге мектеп ушын керекли болған компьютер топламы, китаплар, спорт инвентарлары саўға етилди.











Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы Халықаралық әҳмийетке ийе А-380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының 964-1204-км аралығындағы 240 км жолды реконструкциялаў жумыслары менен танысты.
Азия раўажланыў банки тәрепинен қаржыландырылған объект қурылысында Қытай, Туркия, Әзербайжан мәмлекетлериниң бөлип алып ислеўши кәрханалары автомобиль жолына цементобетон қапламасын төсеўи белгиленип, ҳәзирги ўақытта қытайлы қурылысшыларға тийисли обьектте цемент қаплама төсеў жумыслары алып барылмақта.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




