Президент Пәрманы мазмун-әҳмийети кең түрде түсиндирилмекте

Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күни «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында» ғы 213-санлы пәрманы қабыл етилген еди. Онда республиканың социал-экономикалық жағдайын жақсылаў бойынша бир қанша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген болып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Орынбасары А.Давлетов тәрепинен орынларда пәрманның мазмун-әҳмийетин түсиндириў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Усындай илажлар Кегейли ҳәм Шымбай районларында өткерилип, оған жергиликли Кеӊес депутатлары, район ҳәкими орынбасарлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Өткерилген мәжилислер даўамында пәрманныӊ әҳмийети ҳаққында кеңнен сөз етилип, халқымыз арасында оның мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша үгит-нәсият жумысларын еледе даўам еттириў, сондай-ақ, пәрман орынланыўын тәмийинлеў бағдарындағы бир қанша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Айтып өтиў орынлы, қабыл етилген бул Пәрман менен Қарақалпақстан Республикасының социал-экономикалық, өндирис ҳәм инвестициялық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменликти раўажландырыў, бәсекилес өнимлер ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў, исбилерменлерге көрсетилетуғын финанслық хызметлер көлемин кеңейтиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң тийкарғы бағдарлары анық белгилеп берилген ҳәм бул бағдардағы жумыслардың жаңа басқышқа алып шығылыўы күтилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети