Ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси жанында аккредитациядан өткериў тәртиби ҳаққында

«Журналисттиӊ кәсиплик жумысын қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Нызамларында, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 16-июньдағы «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысыныӊ ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПФ-6247-санлы Пәрманында, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2006-жыл 23-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасы ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жанында аккредитациядан өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы 243-санлы қарарында журналисттиң кǝсиплик жумысын қорғаў саласындағы қатнасықларды тǝртипке салыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысыныӊ ашық-айдынлығын тәмийинлеў арқалы жәмийетлик қадағалаўды жетилистириў, мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысыныӊ өз ўақтында ҳәм объектив жарытылыўын тәмийинлеў белгиленген.

Сондай-ақ, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 9-статьясы
8-бәнти ҳәм 15-статьясы 19-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы

ҚАРАР  ЕТЕДИ:

1. «Журналисттиӊ кәсиплик жумысын қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларыныӊ Нызамлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 16-июньдағы «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысыныӊ ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПФ-6247-санлы Пәрманы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2006-жыл 23-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасы ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жанында аккредитациядан өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы 243-санлы қарары орынлаў ушын тиккелей басшылыққа алынсын.

2. Ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин Жоқарғы Кеӊес жанында аккредитациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы Реже 1-қосымшаға муўапық, Ғалаба хабар қураллары хабаршыларын аккредитациядан өткериў схемасы
2-қосымшаға муўапық, Ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин Жоқарғы Кеӊес жанында аккредитациядан өткериў ҳаққындағы гүўалық 3-қосымшаға муўапық, Ғалаба хабар қураллары хабаршыларын аккредитациядан өткеретуғын комиссия қурамы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

3. Усы қарар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясына тастыйықлаў ушын усынылсын.

4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетовқа жүкленсин.

Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
М.Камалов

Нөкис қаласы, 18-февраль 2022-жыл
№ 601

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022-жыл 18-февральдағы
601-санлы қарарына 1-қосымша

 Ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин Жоқарғы Кеӊес жанында аккредитациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы
РЕЖЕ

I Улыўма қағыйдалар

 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси (буннан кейин текстте «Жоқарғы Кеӊес» деп жүритиледи) жумысын өз ўақытында ҳәм қалыс ғалаба хабар қуралларында жарытып барыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери Жоқарғы Кеӊес жанында аккредитациядан өткериледи.

Ғалаба хабар қуралларының аккредитациядан өткерилген ўәкиллериниң (буннан кейин текстте «хабаршылар» деп жүритиледи) ҳуқықый статусы ҳәм кәсиплик жумысы принциплери Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларыныӊ Конституциясы, «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы, «Мәлимлеме еркинлиги принциплери ҳәм кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларыныӊ нызамлары ҳәм де ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин Жоқарғы Кеӊес жанында аккредитациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы Реже менен белгиленеди.

 II. Аккредитациядан өткериўдиӊ тийкарғы түсиниклери ҳәм принциплери

 Усы Режеде төмендеги түсиниклерден пайдаланылады:

хабаршы – мийнет шәртнамалары ҳәм басқа да шәртнамалы қатнасықлар тийкарында ғалаба хабар қураллары редакциялары ушын мәлимлемелер ҳәм материалларды излеў, топлаў, қайта ислеў ҳәм таярлаў менен шуғылланатуғын физикалық шахс;

аккредитация – хабаршының ўәкилликлерин мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен тән алыў тәртиби болып, оның нәтийжелерине муўапық аккредитация ететуғын уйым аккредитация ететуғын уйымныӊ жумысын ғалаба хабар қуралларында жарытып барыў ушын ғалаба хабар қуралы (буннан кейин текстте «редакция» деп жүритиледи) ўәкилиниң өз саласын билиўин тастыйықлайтуғын аккредитациядан өткериў ҳаққындағы гүўалықты береди;

аккредитациядан өткериўши уйым – аккредитация  тәртибин шөлкемлестиретуғын, аккредитацияны өткеретуғын ўәкилликли ҳәм нызам шығарыўшы жоқары мәмлекетлик ҳәкимият уйымы.

Аккредитация оны өткериўге жуўапкер қәнигелер өз жумысын пуқта билиўи ҳәм хабаршылардың бийғәрезлиги принциплерине тийкарланады.

Аккредитацияны өткериўде өз жумысын пуқта билиў кадрларды тийисли түрде таңлаў, аккредитациядан өткериўде қатнасатуғын комиссия қурамын таярлаў системасы ҳәм зәрүрлик болғанда, билимлердиң айрықша тараўлары бойынша қәнигелерди қосыў жолы менен тәмийинленеди.

Бийғәрез аккредитация өткериў ўақтында аккредитация ҳаққындағы шешим қабыл етилиўине қандайда бир финанслық, басқарыў ямаса басқаша тәсир көрсетпейтуғын шөлкемлер ҳәм қәнигелердиң қатнасыўы менен тәмийинленеди.

Хабаршының аккредитациядан өтиўинде оның өз жумысын пуқта билиўин анықлаў критерийи Жоқарғы Кеӊес ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкили жумысының айрықшалығы есапқа алынған ҳалда нормативлик ҳуқықый актлер менен белгиленеди.

Рәсмий түрде дизимнен өткерилген ғалаба хабар қураллары Жоқарғы Кеӊес жанында өз хабаршысын аккредитациядан өткериў ҳуқықына ийе.

 III. Хабаршыларды аккредитациядан өткериў

 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси жанында ғалаба хабар қуралы хабаршысын аккредитациядан өткериў ушын редакция өзиниң рәсмий бланкинде бас редакторының қолы қойылған, мөр менен тастыйықланған буйыртпасын усыныс етеди.

Редакцияның буйыртпасында төмендегилер көрсетилиўи тийис:

ғалаба хабар қуралының атамасы ҳәм түри;

қәнигелестирилгенлиги;

тарқалыў аймағы;

электрон почта мәнзили;

редакцияның телефонлары ҳәм факс номерлери;

аккредитацияға усынылған хабаршының фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты;

кәсиплик ўазыйпаларын орынлаў ушын бул хабаршы өзи менен бирге алып жүриўи зәрүр болған аппаратлар.

Буйыртпаға толық мағлыўматлар (хабаршының лаўазымы, паспорты бойынша мағлыўматлар, диплом нусқасы, электрон почта адреси, телефон ҳәм факс номери) мағлыўматнама ҳәм де белгиленген формадағы төрт дана фотосүўрет қосымша етиледи.

Хабаршыны аккредитациядан өткериў ҳаққындағы буйыртпа Жоқарғы Кеӊес тәрепинен тийисли мүрәжат алынған күннен баслап бир ай даўамында көрип шығылады.

Аккредитациядан өтетуғын хабаршылар саны редакция тәрепинен Жоқарғы Кеӊес пенен биргеликте белгиленеди.

Аккредитациядан өткериў тәртиби төмендеги тийкарғы илажлардан ибарат болады:

буйыртпаны ҳәм усынылған ҳүжжетлерди көрип шығыў;

хабаршыларды аттестациядан өткериў;

аккредитациядан өткериў ҳаққында ямаса аккредитациядан өткериўди бийкар етиў ҳаққында қарар қабыл етиў, аккредитация ҳаққындағы гүўалықты рәсмийлестириў ҳәм бериў.

Ғалаба хабар қуралы редакциясы тәрепинен усынылған буйыртпалар ҳәм ҳүжжетлерди көрип шығыўды Жоқарғы Кеӊес дүзетуғын комиссия қурамы әмелге асырады. Ҳүжжетлерди көрип шығыў нәтийжелери арза түскен ўақыттан баслап он күн мүддетте комиссия қурамыныӊ жуўмағы менен рәсмийлестириледи ҳәм тийисли тәртипте Жоқарғы Кеӊеске жибериледи.

Аттестацияны Жоқарғы Кеӊес тәрепинен рәсмий түрде дүзилетуғын комиссия өткереди. Аттестацияны өткериў мүддетлери редакция менен келисилиўи керек. Редакция комиссияның айырым ағзаларыныӊ қатнасыўы ҳәм аттестация өткерилиў мүддетлери бойынша наразы болса, оныӊ себеплерин тийкарлап, усыныс билдириўге ҳақылы.

Комиссия аттестацияны Жоқарғы Кеӊес Аппараты тәрепинен тастыйықланған бағдарламаға муўапық өткереди. Хабаршының кәсиплик билими ҳәм уқыбы ҳаққындағы минезлеме бойынша усыныс етилген ҳүжжетлерди көрип шығыў нәтийжелери бойынша, соның менен бирге аттестация барысында алынған басқа да мағлыўматлар комиссиясының шешим қабыл етиўи ушын тийкар болып есапланады. Аттестация нәтийжелери аттестация акти менен рәсмийлестириледи.

Жоқарғы Кеӊес аттестация актин көрип шығыў нәтийжелери тийкарында хабаршыны аккредитациядан өткериў ямаса аккредитациядан өткериўден бас тартыў ҳаққында қарар қабыл етеди.

Ғалаба хабар қураллары хабаршыларын аккредитациядан өткериў ҳаққындағы буйыртпа ғалаба хабар қураллары хабаршыларын аккредитациядан өткериў схемасына муўапық көрип шығылады.

Унамлы шешим шығарылған жағдайда Жоқарғы Кеӊес тәрепинен шешим қабыл етилгеннен кейин бир ҳәпте мүддетте усы қарардыӊ қосымшасына муўапық хабаршыға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси жанында аккредитациядан өткериў ҳаққындағы гүўалығын рәсмийлестиреди ҳәм береди.

Жоқарғы Кеӊес аккредитациядан өткерилген хабаршыға 2 жылға шекемги мүддетте әмел ететуғын аккредитация ҳаққындағы гүўалықты береди.

Аккредитациядан өткериў ҳаққындағы гүўалық Жоқарғы Кеӊес реестринде дизимнен өткерилген сәнеден баслап әмел етеди.

Аккредитацияға тийисли барлық ҳүжжетлер (буйыртпалар, шешимлер, актлер, аккредитациядан өткериў ҳаққындағы гүўалық ҳ.т.б.) мәмлекетлик тилде рәсмийлестириледи.

Жоқарғы Кеӊес нызамшылықта белгиленген тәртипте журналисттиӊ аккредитациядан өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықты бийкар етиўи мүмкин. Жоқарғы Кеӊес бийкар етиў себеплери ҳаққында үш күн мүддетте ғалаба хабар қуралы редакциясын жазба түрде хабардар етеди.

IV. Хабаршыларды аккредитациядан өткериўши комиссия қурамыныӊ миннетлери

 Аккредитацияны өткериўге жуўапкер комиссия қурамы өз жумысын пуқта билиўи тийис.

Аккредитация ҳәм хабаршылардың бийғәрезлиги принциплерине тийкарланады.

Аккредитациядан өткериў ўақтында зәрүрлик пайда болғанда билимлердиң айрықша тараўлары бойынша қәнигелерди қосыўы мүмкин.

Ғалаба хабар қуралы редакциясы тәрепинен аккредитациядан өткериў ушын жиберилген буйыртпаны ҳәм усыныс етилген ҳүжжетлерди көрип шығады.

Хабаршыларды аттестациядан өткереди ҳәм оныӊ жуўмағын аттестация акти менен рәсмийлестиреди.

Комиссия қурамы аттестацияны Жоқарғы Кеӊес Аппараты тәрепинен тастыйықланған бағдарламаға муўапық өткереди.

Ҳүжжетлерди көрип шығыў нәтийжелерин комиссия қурамыныӊ жуўмағы менен рәсмийлестиреди ҳәм тийисли тәртипте Жоқарғы Кеӊеске жибереди.

 V Аккредитация етилген хабаршылардың тийкарғы ҳуқықлары ҳәм миннетлери

 Аккредитациядан өткерилген хабаршылар кәсиплик жумысы дәўиринде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларыныӊ нызамшылық актлеринде нәзерде тутылған ҳуқықлардан пайдаланады ҳәм миннетлерди атқарады.

Жоқарғы Кеӊес хабаршыны сессиялар, мәжилислер, ҳәм басқа да илажлар ҳаққында алдыннан хабардар етеди, стенограммалар, протоколлар ҳәм басқа ҳүжжетлер менен тәмийинлейди.

Аккредитация хабаршының рәсмий шахслардыӊ сапарлары дәўириндеги илажларда тиккелей қатнасыўына кепиллик бермейди. Өзбекстан Республикасы ямаса шет ел мәмлекетлери рәсмий шахсларыныӊ сапарлары ўақтында хабаршыларды арнаўлы аккредитациядан өткериў тәртиби нызам актлери, соның менен бирге бундай илажларды таярлаў ҳәм өткериў ушын жуўаплы хызметлер талабына қарай белгиленеди.

Аккредитациядан өткерилген хабаршы төмендеги ҳуқықларға ийе:

болажақ сессиялар, мәжилислер, кеңеслер ҳәм басқа илажлар ҳаққында алдын ала мағлыўмат алыў;

Жоқарғы Кеӊестиӊ имараты (бөлмелери) ҳәм объектлерине тийисли гүўалық (рухсатнама) тийкарында, Жоқарғы Кеӊес тәрепинен белгиленген тәртипте кириў;

Жоқарғы Кеӊес тәрепинен өткерилетуғын сессиялар, мәжилислер, брифинглер (баспасөз конференциялары) ҳәм басқа илажларда қатнасыў, жабық илаж өткерилиўи ҳаққында қарар қабыл етилген жағдайлар буннан тысқары;

Жоқарғы Кеӊестиӊ жуўапкер шахсларынан зәрүр болған ҳүжжетлер ҳәм материалларды сораў ҳәм алыў, кириў еркин болған илажлардың жазыўлары менен танысыў ҳәм олардан нусқа алыў;

жазыўлардан, текстли материаллар таярлаўда, аккредитациядан өткерилген ғалаба хабар қуралларының теле, радиобағдарламаларында пайдаланыў;

аудио, видео ямаса киносъемкаға алыў, даўыс жазыў ушын зәрүр болған техникалық аппаратлардан, соның менен бирге компьютер техникасы қуралларынан тек Жоқарғы Кеӊестиӊ жумысын жарытып барыў мақсетинде пайдаланыў.

Аккредитациядан өткерилген хабаршы төмендегилерге мәжбүр:

Жоқарғы Кеӊес имаратында болған ўақтында оның ишки тәртип-қағыйдаларына ҳәм жумысларын шөлкемлестириў талапларына бойсыныў;

өзи қатнасып атырған илажлардың өткерилиўине араласпаў (егер илаж баспасөз ушын арнаўлы шөлкемлестирилмеген болса);

Жоқарғы Кеӊестиӊ жумысы ҳаққында объектив мәлимлеме бериў;

арнаўлы илажларды өткериў қағыйдаларына әмел етиў;

Жоқарғы Кеӊестиӊ жумысын ғалаба хабар қуралларында жарытып барыў ҳаққындағы нызам актлерине муўапық басқа да талапларды орынлаў.

 VI. Хабаршының аккредитациясын тоқтатыў ҳәм де оныӊ аккредитациясын бийкарлаў тәртиби

 Төмендегилер аккредитацияныӊ тоқтатылыўы ушын тийкар болып табылады:

хабаршының редакциядан жумыстан босатылыўы (бул жағдайда редакция басқа ўәкилди аккредитациядан өткериў ҳаққындағы арза менен Жоқарғы Кеӊеске мүрәжат етиўге ҳақылы болып табылады);

хабаршы ўәкили болған ғалаба хабар қуралы жумысыныӊ тоқтатылыўы;

редакция басшылығы тәрепинен хабаршыны Жоқарғы Кеӊестиӊ жумысын жарытып барыўдан шетлетиў ҳаққында шешим қабыл етилиўи (рәсмий билдириў хаты тийкарында).

Хабаршы:

өзи мирәт етилген илажлардыӊ өткерилиў тәртибине араласқанда;

әмелдеги нызам ҳүжжетлерин ҳәм усы Режени турақлы түрде бузғанда аккредитациясы бийкар етилиўи мүмкин.

Хабаршыныӊ аккредитациясын бийкар етиў ҳаққындағы шешим Жоқарғы Кеӊес тәрепинен қабыл етиледи. Шешим тийкарланған, жазба түрде рәсмийлестирилген, ғалаба хабар қураллары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери менен дәлийлленген болыўы керек.

Жоқарғы Кеӊес аккредитациясы бийкар етилген хабаршының редакциясына қарар қабыл етилген ўақыттан баслап бес күн мүддеттен кешиктирмей рәсмий билдириў хатын жибереди. Бундай қарар күшке кирген ўақыттан баслап аккредитация ҳаққындағы гүўалық ҳақыйқый емес деп есапланады ҳәм ол редакция тәрепинен Жоқарғы Кеӊеске қайтарылыўы керек.

 VII. Жаңа мүддетке аккредитациядан өткериў

 Аккредитация етилген хабаршыны жаңа мүддетке аккредитациядан өткериў аккредитациядан өткериў ҳаққындағы гүўалықтың әмел етиў мүддети тамам болғаннан кейин редакция тәрепинен усынылған буйыртпа тийкарында өткериледи.

Редакция Жоқарғы Кеӊеске аккредитациядан өткериў ҳаққындағы гүўалықтың әмел етиў мүддети тамам болыўынан бир ай алдын буйыртпа бериўи керек.

Жаңа мүддетке аккредитациядан өткериў аккредитация етилген хабаршының алдынғы аккредитациясы дәўириндеги унамлы жумысын есапқа алған ҳалда әпиўайыластырылған тәртип бойынша әмелге асырылыўы мүмкин.

 VIII. Техникалық хызметкерлер ҳәм хызмет көрсетиўши хызметкерлер

 Дилмашлар, телеоператорлар, фотохабаршылар, теле, кино ҳәм видеоаппаратларға, байланыс қуралларына хызмет көрсетиўши қәнигелер редакцияның хабаршыларға бириктирилген техникалық хызметкерлери болыўы мүмкин.

Аккредитациядан өткерилген хабаршылар техникалық ҳәм хызмет көрсетиўши хызметкерлерди жумысқа жаллаўы мүмкин.

болып өтетуғын илажға қатнасыўшы техникалық хызметкерлердиң жеке қурамы Жоқарғы Кеӊес пенен келисиледи. Оларға өз жумысын әмелге асырыўы ушын Жоқарғы Кеӊеске кириў-шығыў тәртиплерине муўапық бир мәртелик рухсат бериледи.

Аккредитациядан өткерилген хабаршының техникалық ҳәм хызмет көрсетиўши хызметкерлерине журналистлик жумыс пенен шуғылланыў қадаған етиледи.

 IX. Жуўмақлаўшы қағыйдалар

 Жоқарғы Кеӊес жанындағы аккредитацияны әмелге асырыў тәртиби менен байланыслы тартыслы мәселелер пайда болған жағдайда мәпдар тәреп нызамшылық актлеринде белгиленген тәртипте судқа шағым етиўи мүмкин.

Жоқарғы Кеӊес ҳәм ғалаба хабар қуралларының хабаршылары усы Реже ҳәм де ғалаба хабар қураллары саласындағы нызамшылық актлери талапларына әмел етилиўи ушын жуўап береди.