2022-жыл 5-март күни Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ «8-март – Халықаралық Ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муўапық Қарақалпақстан Республикасынан бир қатар ҳаял-қызлар сыйлықланды.
«Меҳнат шуҳрати» ордени менен
Аитбаева Рузибика Аматовна – Беруний районындағы «Бостан» мәҳәлле пуқаралар жыйыны баслығы
«Дўстлик» ордени менен
Аннамуратова Мухаббат Шермановна – Беруний районындағы «Беруний агро пиллеси» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы
«Соғлом турмуш» медалы менен
Жақсымуратова Айсултан Жумамбетовна – Қанлыкөл районындағы
19-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниӊ қосықшылық бөлими оқытыўшысы
Сапарова Раъно Джангабаевна – Қараөзек районлық медицина бирлеспесиниӊ тез медициналық жәрдем бөлими үлкен мийирбийкеси
«Содиқ хизматлари учун» медалы менен
Жамалова Бәҳәргүл Оралбаевна – Мойнақ районы мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығыныӊ ҳаял-қызлардыӊ социаллық-сиясий белсендилигин арттырыў бойынша биринши орынбасары
«Шуҳрат» медалы менен
Балтабаева Нурсулыў Көшкинбаевна – Нөкис қаласындағы Президент мектебиниӊ атқарыўшы директоры
Давлетярова Зулфия Жапаковна – Қоӊырат районындағы «Диёр маркет Кунград» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы
Дәўлетназарова Рая Қурбанбаевна – «Uz-Kor Gas Chemical» қоспа кәрханасыныӊ цех инженер-метрологи




