ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ
14.03.2000-ж. №35/II
ТУРИЗМ ҲАҚҚЫНДА
Усы Нызамға төмендегиге муўапық өзгерислер киргизилген:
18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы
1-статья. Нызамның мақсети
Нызамның мақсети туризм тараўындағы мүнǝсибетлерди ҳуқықый жақтан тǝртиплестириў, туристлик хызметлер базарын раўажландырыў, сондай-ақ туристлер ҳǝм туристлик жумыс субъектлериниң ҳуқықлары менен мǝплерин нызамлы түрде қорғаўдан ибарат.
2-статья. Туризм ҳаққындағы нызам актлери
Қарақалпақстан Республикасының туризм ҳаққындағы нызам актлери усы Нызам ҳǝм басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат.
Егер, Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамасында Қарақалпақстан Республикасының туризм ҳаққындағы нызам актлеринде нǝзерде тутылғаннан басқаша қǝделер белгиленген болса, халықаралық шǝртнама режелери қолланылады.
3-статья. Тийкарғы түсиниклер
Нызамда төмендеги тийкарғы түсиниклер қолланылады:
туризм – физикалық тǝрептиң турақлы жасаў орнынан саламатландырыў, ағартыўшылық, кǝсиплик тǝжирийбе яки басқа мақсетлерди барған жеринде (мǝмлекетте) ҳақы төленетуғын жумыс пенен шуғылланбаған рǝўиште узағы менен бир жылдан аспаған мүддетке сапарға (саяхатқа) шығыўы;
турист – Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы аймағын бойлап ямаса басқа мǝмлекетке саяхат етиўши (турақлы жасаў орнынан туризм мақсетинде сапарға кеткен) физикалық шахс; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
туристлик жумыс – усы Нызам ҳǝм басқа да нызам актлери талапларына муўапық саяхатларды ҳǝм олар менен байланыслы хызметлерди шөлкемлестириў барысындағы жумыс;
экскурсия жумысы – туристлик жумыстың тарийхый естеликлер, дыққатқа ылайық орынлар ҳǝм басқа да объектлер менен таныстырыў мақсетинде алдын-ала дүзилген бағдарлар бойынша экскурсия жетекшисиниң жолдаслығындағы ғң сааттан аспайтуғын экскурсияларды шөлкемлестириўге тийисли бөлеги;
туристлик ресурслар – тийисли аймақтың тǝбийий-ықлым, саламатландырыў, тарийхый-мǝдений, ағартыўшылық ҳǝм социаллық-турмыс объектлери жыйындысы;
туристлик жумыс субъектлери – белгиленген тǝртипте дизимге алынған ҳǝм туристлик хызметлер көрсетиў менен байланыслы болған жумысларды ǝмелге асырыў ушын лицензиясы болған кǝрханалар, мǝкемелер, шөлкемлер;
туристлик индустрия – туристлик жумыстың туристлерге хызмет көрсетиўди тǝмийинлеўши түрли субъектлери (мийманханалар, туристлик комплекслер, кемпинглер, мотельлер, пансионатлар, улыўма аўқатланыў, транспорт кǝрханалары, мǝденият, спорт мǝкемелери ҳǝм басқалар) жыйындысы;
тур – арнаўлы бағдар бойынша туристлик хызметлер жыйындысы (орын бǝнтлеў, орнналастырыў, аўқатландырыў, транспорт, рекреация, экскурсия хызметлери ҳǝм басқа да хызметлер) менен тǝмийинленген анық мүддетлердеги туристлик саяхат;
туристлик хызметлер – туристлик жумыс субъектлериниң орналастырыў, аўқатландырыў, транспорт, мǝлимлеме-реклама хызметлерин көрсетиў барысындағы, сондай-ақ туристлердиң талапларын қандырыўға қаратылған басқа хызметлери;
туристлик топар баслығы – туристлик жумыс субъектиниң ўǝкили болған ҳǝм оның атынан ҳǝрекет етип, туристлер менен бирге жүриўши, туристлик хызметлер көрсетиў шǝртнамасы талапларының орынланыўын тǝмийинлеўши физикалық шахс; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
гид (экскурсия жетекшиси) – тур қатнасыўшыларына туристлик хызметлер шǝртнамасы шеклеринде экскурсия-мǝлимлеме, шөлкемлестириў хызметлерин ҳǝм қǝнигели жǝрдем көрсетиўши физикалық шахс; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
туристлик жумысты ǝмелге асырыў ушын лицензия – туристлик жумысты ǝмелге асырыўға болған ҳуқықты тастыйықлаўшы арнаўлы рухсатнама;
сертификат – туристлик хызметлер сапасын ҳǝм олардың арнаўлы стандартқа ямаса басқа нормативлик ҳүжжетке муўапықлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет.
4-статья. Туризм тараўындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары
Туризм тараўындағы мǝмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:
туризм ҳǝм туристлик индустрияны раўажландырыў;
пухаралардың саяхат етиў ўақтындағы дем алыў, еркин ҳǝрекет етиў ҳǝм басқа да ҳуқықларын тǝмийинлеў;
туристлик ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳǝм оларды сақлаў;
туризм тараўындағы нормативлик базаны жетилистириў;
балалар, жаслар, майыплар ҳǝм халықтың кем тǝмийинленген қатламлары туризми (экскурсиялары) ушын шараят жаратыў;
туристлик индустрияны раўажландырыў ушын инвестициялар тартыў;
исбилерменлик жумысы субъектлери ушын туристлик хызметлер базарында тең имканиятлар жаратыў;
туристлердиң қǝўипсизлигин, олардың ҳуқықлары, нызамлы мǝплери менен мүлкиниң қорғалыўын тǝмийинлеў, туризм тараўының илимий тǝмийинлениўин шөлкемлестириў ҳǝм раўажландырыў;
кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳǝм олардың қǝнигелигин көтериў;
сырт мǝмлекетлер ҳǝм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислеўди раўажландырыў.
5-статья. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң туризм тараўындағы ўǝкилликлери
Туризм тараўында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси:
туризмди раўажландырыўдың мǝмлекетлик бағдарламасын тастыйықлайды;
туристлердиң барыўы қадаған етилген объектлерди ҳǝм аймақларды белгилейди;
туристлердиң айырым топарларына жеңилликлер бериў тǝртибин белгилейди;
нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да мǝселелерди шешеди.
6-статья. Ўǝкилликли мǝмлекетлик уйымның туризм тараўындағы ўǝкилликлери
Туризм тараўында ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым:
туризмди раўажландырыўдың мǝмлекетлик бағдарламасының ǝмелге асырылыўын тǝмийинлейди;
туристлик хызметлер инфраструктурасын қǝлиплестиреди;
тарийхый-мǝдений мийрасты нǝсиятлаўды, туристлик потенциалды сақлаў ҳǝм раўажландырыўды шөлкемлестиреди;
Өзбекстан Республикасының халықаралық шǝртнамаларының орынланыўын тǝмийинлейди;
туристлик жумыс субъектлерине олардың жумысын шөлкемлестириў менен байланыслы мǝселелерде методикалық ҳǝм басқа жǝрдем көрсетеди;
нызам актлерине муўапық басқа да мǝселелерди шешеди.
7-статья. Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымларының туризм тараўындағы ўǝкилликлери
Жергиликли мǝмлекетлик ҳǝкимият уйымлары туризм тараўында туризмди раўажландырыўдың регионаллық бағдарларын ислеп шығады жǝне ǝмелге асырады ҳǝм нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да мǝселелерди шешеди.
8-статья. Туристлик жумысты лицензиялаў
Туристлик жумыс лицензия тийкарында ǝмелге асырылады.
Туристлик жумысты лицензиялаў тǝртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тǝрепинен белгиленеди.
9-статья. Туристлик жумысты қаржыландырыў дǝреклери
Туристлик жумыс:
туристлик жумыс субъектлериниң өз қаржылары;
юридикалық ҳǝм физикалық шахслардың ақшалай төлеўлеринен; (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
заём қаржылары (облигация заёмлары ҳǝм басқа да заёмлар, банк кредитлери ҳǝм басқа да кредитлер);
сырт ел инвесторлары;
нызам актлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылар есабынан ǝмелге асырылады.
10-статья. Туристлик хызметлерди сертификатластырыў
Туристлик хызметлер мǝжбүрий сертификатластырылыўы шǝрт. Туристлик хызметлерди сертификатластырыў ҳǝм сертификат бериў нызам актлеринде белгиленген тǝртипте ǝмелге асырылады.
Туристлик жумыс субъектиниң туристлик хызметлерди мǝжбүрий сертификатластырыўдан бас тартыўы, туристлик хызметлерди сертификатластырыў нǝтийжеси унамсыз болса, сондай-ақ сертификаттың ҳǝрекет етиўин бийкарлаў туристлик жумысты ǝмелге асырыў ушын берилген лицензияның ҳǝрекет етиўин тоқтатып қойыўға ямаса лицензиядан айырыўға себеп болады.
11-статья. Туристлик саяхат ҳǝм туристлик хызметлер комплекси
Туристлик саяхат жеке тǝртипте ямаса туристлер топары қурамында ǝмелге асырылады.
Туристлик хызметлер комплекси транспорт хызметин көрсетиўди, жасаў, аўқатландырыў, экскурсия хызметин көрсетиў, мǝдений, спорт бағдарламаларын шөлкемлестириў ҳǝм басқа хызметлерди өз ишине алады.
12-статья. Туристлик хызметлерди көрсетиў шǝртнамасы
Туристлик хызметлер шǝртнама тийкарында көрсетиледи.
Шǝртнама көрсетилетуғын хызметлердиң көлеми ҳǝм сапасын, тǝреплердиң ҳуқықлары менен миннетлемелерин, ҳақы төлеў ҳǝм есапласыўлар тǝртибин, шǝртнаманың ҳǝрекет етиў мүддетин ҳǝм оны орынламағаны ушын жуўапкершиликти, сондай-ақ тǝреплердиң келисим бойынша басқа да шǝртлерди белгилейди. (18.08.2018-ж. 200/XXII-санлы ҚР Нызамы тийкарында өзгерислер киргизилген)
13-статья. Туристлик жоллама (ваучер)
Туристлик жоллама (ваучер) – туристтиң ямаса туристлер топарының тур қурамына кириўши туристлик хызметлерге болған ҳуқықты белгилеўши ҳǝм бундай хызметлер көрсетилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет.
Туристлик жолламаның (ваучердиң) түри туризм тараўындағы ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым тǝрепинен тастыйықланады.
14-статья. Туристтиң ҳуқықлары
Турист:
шǝртнамада нǝзерде тутылған туристлик хызметлер комплексинен толық пайдаланыў;
саяхатқа байланыслы толық ҳǝм исенимли мǝлимлеме алыў;
жеке қǝўипсизлик, өз ҳуқықларының қорғалыўы, сондай-ақ өз мүлкиниң сақланыўы;
тез медициналық жǝрдем алыў;
шǝтнама орынланған ямаса тийисли дǝрежеде орынланбаған жағдайда материаллық зǝлелдиң төлениўи, сондай-ақ руўхый зыянның орны өтелиўи;
егер турдың улыўма баҳасының артыўы оның шǝртлесилген баҳасынан асып кетсе, сондай-ақ форс-мажор жағдайлары (жеңиў мүмкин болмаған айрықша жағдайлар) жүз бергенде туристлик жумыс субъектине келтирилген зǝлелдиң орнын өтеместен шǝртнаманы бийкарлаў ҳуқықына ийе.
Турист нызам актлерине муўапық басқа ҳуқықларға да ийе болады.
15-статья. Туристтиң миннетлери
Турист:
шǝртнама шǝртлерине;
бажыхана ҳǝм шегара қадағалаўы қǝделерине;
барылған мǝмлекеттиң нызам актлери талапларына бойсыныўы шǝрт.
Турист нызам актлерине муўапық басқа миннетлерге де ийе болады.
16-статья. Туристлик жумыс субъектиниң ҳуқықлары
Туристлик жумыс субъекти Қарақалпақстан Республикасы аймағында туристлерге хызметлер көрсетиў ўақтында:
турдың мүддети ҳǝм бағдарын, хызмет көрсетиў дǝрежесин, транспорт хызметин көрсетиў түрин, туристтиң қǝўипсизлигин тǝмийинлеў ҳǝм оның мүлкин қорықлаў усылын туристтиң келисими жǝне қǝлеўи менен ғана өзгертиў;
турист пенен келисилген ҳалда ҳǝм бул ҳаққында тур баслныўдан кеминде жигирма күн бурын туристти хабардар етиў шǝрти менен турдың шǝртлесилген баҳасын көтериў;
хызметлер көрсетиў мүмкин болмаған форс-мажор жағдайлары жүз бергенде, сондай-ақ топарды дүзиў ушын зǝрүр муғдарда туристлер жыйналмаған жағдайда туристлерди бул ҳаққында тур басланбастан кеминде жигирма күн алдын хабардар еткен ҳалда туристлик хызметлер көрсетиў шǝртнамасын бийкарлаў;
туристлер яки туристлерге хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў бойынша шериклер тǝрепинен келтирилген зǝлелдиң орнының қапланыўын нызам актлеринде белгиленген тǝртипте талап етиў ҳуқықына ийе.
Туристлик жумыс субъекти нызам актлерине муўапық басқа да ҳуқықларға ийе болады.
17-статья. Туристлик жумыс субъектиниң миннетлери
Туристлик жумыс субъекти:
туристлерге шǝртнамада шǝртлесилген хызметлерди көрсетиўи;
туристлик хызметлер көрсетилген ямаса толық көлемде ямаса тийисли дǝрежеде сапалы көрсетилмеген жағдайда туристлерге келтирилген зǝлелдиң орнын қаплаўы;
туристлерге турды шөлкемлестириў, олардың ҳуқықлары ҳǝм миннетлемелери ҳаққында толық мǝлимлеме бериў;
туристлик ресурслар, көрсетилетуғын объектлердиң (тарийхый-архитектуралық естеликлер, тǝбият объектлери ҳǝм басқалардың) сақланыўына көмеклесиўи;
туристлердиң барылған орынның (мǝмлекеттиң) нызам актлерине бойсыныўы үстинен қадағалаўды ǝмелге асырыўы шǝрт.
Туристлик жумыс субъекти нызам актлерине муўапық басқа да миннетлемелерге ийе болады.
18-статья. Туристлердиң қǝўипсизлиги кепиллиги
Қарақалпақстан Республикасы аймағында туристлердиң қǝўипсизлиги мǝмлекет тǝрепинен кепилленеди.
Туризм тараўындағы ўǝкилликли мǝмлекетлик уйым тийисли ўǝзирликлер ҳǝм мǝкемелер менен биргеликте туристлердиң қорғалыўын ҳǝм қǝўипсизлигин тǝмийинлеў бағдарламасын ислеп шығада ҳǝм оның орынланыўын шөлкемлестиреди.
Жергиликли мǝмлекетлик уйымлары туризм тараўында барлық туристлик бағдарлар бойынша туристлердиң қорғалыўы жǝне қǝўипсизлигин тǝмийинлеўдиң регионаллық бағдарламаларын ислеп шығады ҳǝм олардың орынланыўын тǝмийинлейди.
Туристлик жумыс субъектлери туристлердиң қǝўипсизлигин тǝмийинлеў, олар жарақатланғанда, кеселленгенде ҳǝм басқа да жағдайларда медициналық ҳǝм басқа да жǝрдем көрсетиў бойынша анық илажлар ислеп шығады.
19-статья. Туристлердиң қǝўипсизлигин тǝмийинлеў илажлары
Туристлик жумыс субъектлери туристлердиң қǝўипсизлигин тǝмийинлеў мақсетинде:
туристлердиң сапарда қǝўип-қǝтерден аман болыўы ушын шараятты, сапар, сейил, экскурсия жоллары, жарыслар өткерилетуғын орынлардың абаданластырылыўын тǝмийинлеўи;
туристлерге жарақатланыў ҳǝм бахытсыз ҳǝдийселерден сақланыўы жǝне олардың алдын алыў усылларын үйретиўи, дǝслепки медициналық жǝрдем көрсетиў бойынша жол-жоба бериўи, сондай-ақ белгиленген бағдардың өзгешелиги ҳǝм туристлердиң унамсыз ҳǝрекетине байланыслы жүзеге келиўи мүмкин болған қǝўип дǝреклери ҳаққында оларды хабарландырыўы;
туристлердиң саяхатлар, сапарлар, жарыслар, басқа да туристлик илажларға таярлығы үстинен қадағалаўды ǝмелге асырыўы;
апатшылыққа ушыраған туристлерге тез жǝрдем көрсетиў;
автомобиль, таў, шыңға, велосипед, суў, мотоцикл, пияда сапар, спелео (үңгир) туризми жǝне туризмниң басқа да арнаўлы түрлерин шөлкемлестириў ҳǝм өткериўде қǝўипсизликтиң айрықша талапларын ислеп шығыўы ҳǝм ǝмелге асырыўы шǝрт.
Туристлик саяхатларды туристлер қǝрежет етиўиниң актив түрлеринен пайдаланған рǝўиште шөлкемлестириўге арналған туристлик жумыс субъектлери туристлердиң қǝўипсизлигин тǝмийинлеў, экстремал жағдайларда оларға жǝрдем қөрсетиў ҳǝм оларды қорғаў мақсетинде хызмет көрсетиўди нǝзерде тутқан ҳалда излеў-қутқарыў хызметлери менен шǝртнамалар дүзеди. Излеў-қутқарыў хызметлери нызам актлеринде белгиленген тǝртипте дүзиледи.
20-статья. Туристлерди қамсызландырыў
Туристлерди қамсызландырыў мǝжбүрий болып табыладыҳǝм ол туристлик жумыс субъектлери тǝрепинен қамсызландырыў жумысын алып барыў ҳуқықына ийе болған тийисли қамсызландырыў шөлкемлери менен дүзилетуғын келисимлер тийкарында ǝмелге асырылады.
21-статья. Даўларды шешиў
Туризм тараўында пайда болатуғын даўлар нызам актлеринде белгиленген тǝртипте шешиледи.
22-статья. Туризм ҳаққындағы нызам актлерин бузғанлығы ушын жуўапкерлик
Туризм ҳаққындағы нызам актлериниң бузылыўында айыпкер адамлар белгиленген тǝртипте жуўапкер болады.




