Республикамызда 14-январ – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 30 жыллығы кең түрде белгиленди.
14-январ күни пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлери қойылды.
Нөкис гарнизоны әскерий оркестри атқарыўында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасыныӊ мәмлекетлик гимнлери жаӊлады.
Байрам мүнәсибети орайлық көше бойлап байрақларымызды бәлент көтерген әскерий хызметкерлердиң сап тартып жүриўи менен даўам етти.
Барлық халықлар ушын мәмлекеттиң қәўипсизлиги, елдиң тынышлығы, халықтың абаданлығы баслы байлық болып табылады. Солай екен, ата-бабамыздан бизге мийрас болып киятырған ана Ўатанымызды қәстерлеп сақлаў, елимиздиң тынышлығын тәмийинлеў ҳәр биримиз ушын муқаддес парыз болып табылады. Сонлықтанда бул сәне Ўатан сүйиўшилик, халқымызға садықлық, мәртлик ҳәм ерлик сыяқлы жоқары инсаныйлық қәдириятларды өзинде жәмлейтуғын байрам сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети














