2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын және де раўажландырыў бойынша ҳәрекетлер стратегиясының екинши жөнелисинде нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын және де реформалаўға қаратылған суд ҳәкимиятының шын мәнидеги ғәрезсизлигин ҳәм де пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин беккемлеў, ҳәкимшилик, жынаят, пуқаралық ҳәм хожалық нызамшылығын, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузыўшылықлардың алдын алыў системасы нәтийжелилигин асырыў, суд процесси даўамында тартысыў принципин толық қәлиплестириў, юридикалық жәрдем ҳәм ҳуқықый хызметлер сапасын түпкиликли жақсылаў нәзерде тутылған.
Ҳүрметли Президентимиз 2020-жыл 30-июнь күни Әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм де коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў
илажлары бойынша видеоселектор жыйналысында,
«Суд имаратына келген ҳәр бир инсан Өзбекстанда әдиллик бар екенлигине исенип шығып кетиўи керек» – деп айтып өткен еди.
Сол себепли Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң
2021-жыл екинши ярымында өткерилетуғын тийкарғы илажлардың жобасында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети мәжилисинде Қарақалпакстан Республикасы суды ҳәмде Қарақалпакстан Республикасы Ҳәкимшилик суды баслықларының пуқаралар ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин, соның менен бирге, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәм де нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғаўды әмелге асырыўға байланыслы жумыслары ҳаққында мәлимлемесин тыңлаў белгиленди.
Комитет мәжилисин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова ашты ҳәм басқарып барды.
Мәжилисте Қарақалпакстан Республикасы суды баслығының орынбасары А.Адилов, Қарақалпакстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслығы А.Нурлепесовтиң күн тәртибиндеги мәселе бойынша мәлимлемеси тыңланды.
Мәжилис соңында комитеттиң тийисли шешими қабыл етилип, усы мәселени Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясында қарап шығыў ушын усыныс етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети





