Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық аймақлық партия шөлкеми «Жаслар қанаты» тәрепинен «Парламент – жаслар мәплериниң қорғаўшысы ҳәм демократия мектеби» атамасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында жаслар менен ушырасыў болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлары, партия хызметкерлери, жоқары оқыў орны студент жаслары қатнасты.
Ушырасыўда тийкарынан елимизде кейинги жыллары барлық тараўларда алып барылып атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар, әсиресе 2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде алып барылып атырған жумыслар, оның даўамы сыпатында «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарай» принципи тйикарында алдымызда турған баслы ўазыйпалар, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң нызамшылық тараўы бойынша алып барылып атырған жумыслары менен жасларды таныстырыў, олардың ҳуқықый ҳәм сиясий саўатлылығын арттырыў бойынша мәселелер сөз етилди.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы депутат Зухра Реймова мәмлекетимиз тәрепинен жасларға қаратылып атырған итибар, булл бағдарда елимизде алып барылып атырған жумыслар, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң нызамшылық тараўы бойынша алып барылып атырған жумыслар, депутатлардың ўазыйпалары, олардың ҳуқық ҳәм миннетлери, коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, әсиресе, Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық Кеңесиниң жумысы бойынша да мағлыўматлар берип өтти.
Сондай-ақ ушырасыў даўамында депутатлар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар, депутатлық жуўапкершилик, оның ўәкилликлери, ўазыйпалары, бир идея ҳәм мақсет жолында бирлесип киятырған ӨзЛиДеП партиясы сиясий күш сыпатында бүгинги күнде алып барып атырған жумыслары, әсиресе жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында партия жойбарларының әҳмийети, депутатлық корпусы ўәкиллериниң бүгинги күнде алып барып атырған жумыслары да мысаллар менен атап өтилди.
Ушырасыўда жасларымыз өзлерин қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды.
ЎзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси








