Усы жылдың 23-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайының мәжилислер залында «Үлгили үгит-нәсиятшы» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып ɵтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының баслығы, Ɵзбекстан халық жазыўшысы К.Кәримов, Ɵзбекстан журналистлери дɵретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бɵлиминиң баслығы К.Реймов, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлиминиң баслығы Т.Атамуратов, Халық билимлендириў министрлигиниң тийисли ўәкиллери, Нɵкис қалалық ҳәм районлық улыўма орта билим бериў мектеплериндеги дɵретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сɵйлеп, елимиздеги руўхый-ағартыўшылық жумыслар, соның ишинде Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың ПҚ-5040-санлы қарары ҳәм усы тийкарда Республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде енгизилген дɵретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылардың әҳмийети ҳаққында атап ɵтти ҳәм қатнасыўшыларға табыслар тиледи.
Атап ɵтилгениндей, соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимиздеги руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын буннан былай да жетистириў бағдарында кɵлемли жумыслар алып барылмақта. Бул бағдарда усы жылдың 19-январь сәнесинде Президент басшылығындағы Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң видеоселектор тәризинде болып ɵткен мәжилис баянламасы, сондай-ақ, 2021-жылдың
26-март сәнесинде қабыл етилген «Мәнаўият ҳәм дɵретиўшиликти қоллап-қуўатлаў мақсетли қорын шɵлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-5039-санлы ҳәм «Руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5040-санлы қарарлары үлкен әҳмийетке ийе болды.
Бәршеңизге белгили болғанындай, 19-январь сәнесинде Президент басшылығында болып ɵткен мәжилис баянламасы ҳәм Президентимиздиң ПҚ-5040-санлы қарары тийкарында әйне пайытта, Ɵзбекстан Республикасындағы 10 мынңан аслам, соның ишинде Қарақалпақстандағы 730 дан аслам улыўма орта билим бериў мектеплеринде Қарақадпақстан жазыўшылар аўқамы ҳәм Ɵзбекстан журналистлери дɵретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бɵлими тәрепинен усыныс етилген белгили жазыўшы-шайыр ҳәм журналист ҳәм басқа да дɵретиўшилерден ибарат дɵретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар жумыс алып бармақта.
Усы жылдың 26-октябрь сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде ɵткерилген 27-санлы мәжилис баянламасының екинши бәнтине тийкар Республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплерине бириктирилген дɵретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар арасында 2 басқыштан ибарат «Үлгили үгит-нәсиятшы» Республикалық таңлаўын ɵткериў белгиленген еди.
Мине, усы баянламаның орынланыўын тәмийинлеў, яғный үгит-нәсиятшылардың жумысларын муўапықластырыў, олардың билим ҳәм дɵретиўшилик тәжирийбесин кɵзден ɵткериў, тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, белсенди үгит-нәсиятшылардың жумысларын кеңңен сәўлелендириў арқалы оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлими Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте Республикалық улыўма орта билим бериў мектеплерине бириктирилген дɵретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар арасында «Үлгили үгит-нәсиятшы» Республикалық таңлаўын шɵлкемлестириў бойынша Қоспа қарар тастыйықланды.
Усы ҳүжжет тийкарында октябрь ҳәм ноябрь айлары аралығында таңлаўдың Нɵкис қалалық ҳәм районлық басқышлары болып ɵтти ҳәм онда 17 дɵретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар Республикалық басқышқа жоллама алды.
Республикалық басқыш белгиленген шәртлер тийкарында даўам етип, ол тийисли министрлик ҳәм ведомстволардың басшы-қәнигелери тәрепинен қуралған тɵрешилер қурамы тәрепинен әдил баҳаланып барылды.
Қатнасыўшылар биринши шәртте заманагɵй мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда ɵз мектеплеринде оқыўшылар менен әмелге асырған дɵретиўшилик жумысларын таныстырды. Екинши ҳәм үшинши шәртлерде болса ɵзлериниң дɵретиўшилик үлгилерин кɵрсетип, тɵрешилер тәрепинен усынылған ɵзбек ҳәм қарақалпақ әдебиятының белгили ўәкиллериниң ɵмири ҳәм дɵретиўшилиги ҳаққындағы аўызеки мағлыўматларды усынды.
Таңлаў жуўмағына кɵре улыўма жеңимпаз Кегейли районы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң дɵретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы А.Қойлыбаев, деп табылды.
Екинши орын Қанлыкɵл районы 24-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң дɵретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Г.Узақбергеноваға ал, үшинши орын болса Мойнақ районынан В.Садуллаеваға несип етти.
Сыйлы орын ийелери Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бɵлиминиң диплом және бес миллион, үш миллион ҳәм еки миллион сўмлық пул сыйлықлары менен сыйлықланды.
Таңлаўда сондай-ақ, «Ең заманагɵй үгит нәсиятшы», «Ең жақсы дɵретиўши үгит-нәсиятшы», «Ең зийрек үгит-нәсиятшы», «Ең ағла үгит-нәсиятшы» ҳәм «Ең белсенди үгит-нәсиятшы» номинациялары жеңимпазлары да анықланып, олардың ҳәр бирине диплом ҳәм бес жүз мың сўмлық пул сертификатлары тапсырылды.
Соның менен бирге, бир топар белсене қатнасыўшылар да Республкалық бɵлим тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими




