Таңлаўға келип түскен жойбарлар көрип шығылды

2-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы, Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясының баслығы Д.Қурбаниязов ашты ҳәм алып барды.

Мәжилис күн тǝртибинде Жоқарғы Кеӊес жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен Мәмлекетлик грант бойынша жәрияланған алтыншы ҳәм жетинши таңлаўларға қабыл етилген жойбарларды комиссия мәжилисинде көрип шығып, жеңимпазларды анықлаў, усы жылдың июнь айында мәмлекетлик грантлар бойынша жәрияланған биринши ҳәм екинши таңлаўларға ажыратылған грантлар бойынша өткерилген мониторинг жуўмағы, сондай-ақ, Жǝмийетлик фонд тǝрепинен мǝмлекетлик грантлар ушын жәрияланатуғын кейинги таӊлаўлардыӊ бағдарларын белгилеп алыў мәселелери қарап шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен усы жылдың 21-сентябрьден 21-октябрьге шекемги мүддет аралығында мәмлекетлик грант бойынша жәрияланған алтыншы ҳәм жетинши таңлаўларға жәми 15 жойбар келип түсти ҳәм жойбар арзаларының дизими ҳәм электрон базасы қәлиплестирилди.

Жойбарлар ҳаққында Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның бағдарлама ҳәм жойбарлардың социаллық ҳәмде улыўма әҳмийетин анықлаў бойынша исши топар ағзасы Қ.Бекбаўлиев кеӊнен түсиник берди.

Мәжилисте усы жойбарлар қаралып, олардыӊ мазмуны, тийкарғы мақсетлери, әмелге асырыў механизмлери ҳәм күтилип атырған нәтийжелери додаланды.

Соның менен бирге, мәмлекетлик грантлар бойынша жәрияланған биринши ҳәм екинши таңлаўларға ажыратылған грантлар бойынша өткерилген мониторинг жуўмағы бойынша комиссия ағзасы Т.Романов мағлыўмат берди.

Мәжилисте Жǝмийетлик фонд тǝрепинен мǝмлекетлик грант ушын жәрияланатуғын кейинги таӊлаўлардыӊ бағдарлары белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети