Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң мәлимлемесин тыңлаў бойынша мәжилиси болып өтти.
Видеоконференц байланыс тәризинде өткен мәжилиске комитетке ағза депутатлар, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги басшылары, сондай-ақ қала, район студияларынан халық депутатлары қала, район Кеңеслериниң Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиялары ағзалары, қала, район ишки ислер уйымлары баслықлары қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы З.Реймова ашты ҳәм басқарып барды.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимизде тынышлықты сақлаў, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша кең көлемли ислер әмелге асырылмақта.
Президентимиз басшылығында 2021-жылы 12-февраль күни Ишки ислер министрлигинде кеӊейтирилген тәризде өткерилген мәжилисте ҳәмде 2021-жыл 26-март күнги «Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында ишки ислер уйымларының жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм 2-апрель күнги «Ишки ислер уйымларының жәмийетшилик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўындағы жумысын буннан былайда жетилистириў бойынша қосымша шөлкемлестириўшилик илажлары ҳаққында»ғы қарары менен пуқаралардыӊ социаллық турмыстағы машқалаларын «пуқарабай» ҳәмде мәҳәлле инфраструктурасындағы машқалаларды секторлар кесиминде шешиў арқалы жынаятларды «мәҳәллебай» сапластырыў, «социаллық профилактика» жумысларын жолға қойыў бойынша ҳуқық-қорғаў уйымлары ҳәм секторлар жумысларын жеделлестириўге қаратылған бир қатар тапсырмалар берилди.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының «бир қатар нызамлары, сондай-ақ, нызам асты ҳүжжетлеринде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына, сектор басшыларына жәмийетлик қәўипсизликти сақлаў, жынаятшылықтың ерте алдын алыў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў, ҳаяллар ҳам жасларды социаллық пайдалы жумысқа тартыў, ер жетпегенлердиң бос ўақытын мазмунлы шөлкемлестириў, халықтың социаллық жақтан мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар ўазыйпалар жүклетилип, усы ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын жетерли ўәкилликлер ҳәм имканиятлар берилген.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе – яғный, Ҳуқықбузарлықлардың алдын-алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Б.Избасаровтың мәлимлемеси тыңланды.
Соның менен бирге, мәжилисте жынаятшылық көрсеткишлери салыстырмалы рәўиште өскенлиги бойынша қала, район ишки ислер уйымлары баслықларының ҳәмде жол транспорт ҳәдийсеси көрсеткишлери салыстырмалы рәўиште өскенлиги бойынша қала, район ишки ислер бөлиминиң жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлими баслықларының мәлимлемелери тыңланды.
Күн тартибиндеги маселелер бойынша депутатлар ҳәм турақлы комиссия ағзаларының сораўларына жуўаплар берилди, пикир ҳәм усыныслар тыңланды.
Мәжилис соңында комитет шешими қабыл етилди ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң мәлимлемеси Жоқарғы Кеңестиң гезектеги сессиясында тыңланыўы ушын усыныс етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети




