Парламент ағзалары халықтың нызамлы мәплерин қорғаўда пидайылық көрсетиўи зәрүр

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжаты – мәмлекетимиз сиясий турмысында ең әҳмийетли ўақыялардан бири болып табылады. Мине бүгин Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың  Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатын дыққат пенен тыңладық. Бул мүрәжатта «Илим-мәрифат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде орынланған жумыслар менен бирге, ҳәр бир тараўда жол қойылған кемшиликлерди айтып өтилди. Әлбетте, 2020-жыл пүткил дүньяда болғаны сыяқлы елимизге де аўыр ҳәм сынаўлы жыл болды. Коронавирус пандемиясы себепли мәмлекетимизде айырым ўазыйпалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў аңсат болмады.

2021-жыл «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп жәрияланды. Мүрәжатта елимизди және де раўажландырыўға қаратылған ең әҳмийетли ўазыйпалар, ишки ҳәм сыртқы сиясатқа тийисли баслы бағдарлар белгилеп алынды.

Атап айтқанда, Президентимиз ҳәр бир тараўда жетискенликлер менен, кемшиликлерди сапластырыўда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, оның ушын мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийет институтларының белсендилигин арттырыў, олардың ўәкилликлерин кеңейтиў кереклигин билдирди. Ҳақыйқатында да, қай жерде жәмийетлик қадағалаў күшли болса, сол жерде раўажланыў болады, сол жерде кадрларды таңлаўда әдиллик болады, сол жерде коррупцияның сапластырылыўы, жәриялылық ҳәм ашықлық принципиниң әмелде туўрыдан-туўры өз көринисин береди.

Усы мәселелерди әмелге асырыўда Президентимиз парламент ағзаларына мәмлекетлик атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын түп- тийкарынан жақсылаўда нызам ҳүжжетлерин жетилистириў кереклигин билдирди. Атқарыўшы ҳәкимият уйымларында ҳәдден тыс басқарыў системасының орайластырылғанлығы, оларға белгиленген ўазыйпалардың бир-биринде тәкирарланыўы мәселелердиң өз ўақтында орынланбай атырғанлығына өз тәсирин тийгизбей қалмайды. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын жаңалаў зәрүрлиги, оның нызамын қайтадан көрип шығылыўын парламентке тапсырды. Дурыс, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққындағы нызамларды жаңа редакцияда қабыл етиў зәрүр ҳәм шәрт. Себеби, ҳәр бир нызам заман талабы менен қәдем қоймаса, ол өзиниң әҳмийетин жоғалтады. Пуқаралар жыйыны баслығы жергиликли Кеңеслерде өзиниң аймағындағы мәселелердиң әмелге асырылыўы бойынша сораўын бериўди енгизиў мәселелердиң тез шешилиўине алып келеди.

Сондай-ақ, депутатлар ҳәм сенаторлар өз аймақларында атқарыўшы ҳәкимият уйымларының лаўазымлы шахслары менен тығыз байланыста болып, исленип атырған жумысларының орынланыўы бойынша ўәкилликли мәмлекетлик ҳәкимияттың комитетлеринде, комиссияларында, халық депутатлары Кеңесинде тыңлаўды жолға қойыў мақсетке муўапық болады. Әлбетте, бул арқалы мәҳәлледе машқалалы мәселелердиң өз ўақтында шешилиўине алып келеди.

Бир сөз бенен айтқанда, парламент ағзалары халықтың ўәкили сыпатында оның нызамлы мәплерин қорғаўда, бюрократиялық тосықларды ҳәм коррупцияны сапластырыўда бар күш ҳәм билимин иске салыўы, пидайылық көрсетиўи зәрүр.

 

Зухра Реймова,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы,  Жоқарғы Кеңес депутаты