Нызам жойбарлары тийисли тараў қәнигелери менен биргеликте додаланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 24 июлдеги “Судлар хызметин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға тийисли қосымша ис-илажалар ҳаққында”ғы ПП-6034-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпаларға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде  Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы судлары, ҳәмде тийисли тараў қәнигелери қатнасыўында Қарақалпақтан Республикасы Конституциясына ҳәм Қарақалпақстан Республикасының айрым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Нызам жойбары додаланды.