Жоқарғы Кеңес Баслығы Тахтакөпирде жаслар менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Тахтакөпир районлық мәденият орайында район жаслары менен ушырасыў өткерди. Бизиң келешегимиз болған жаслардың усыныслары, мүрәжатлары тыңланды.

Районда көпшилик жаслар исбилерменлик пенен шуғылланып, турмыстың ҳәр қыйлы тараўында өзлерин сынап көрип атырғаны менен халқымыздың, ел басшыларының исенимине ерисип атыр. Бүгинги мүрәжаттағы пал ҳәррешилиги бойынша жумыс көлемин кеңейтип, және 50 жасты жумысқа тартыў ушын субсидия алыўда жәрдем сораўы, миллий нағысларда гилем тоқыў тилегин билдирген қыздың тоқыў әсбап-үскенеси, және еки жас жигиттиң әйнек-қапы ислеп шығарыў бойынша кредит алыўда мүрәжат етиўлери тағы басқа усыныслар бәршеге мақул түскен болса керек. Ең әҳмийетлиси мүрәжат, усыныслар орынланатуғын болды.

Тахтакөпир районында халықтың саны 40151 ди қурайды, соннан 18-30 жас аралығындағы жаслар саны 9220 ға жетти.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов бүгин Мүлик аўылы аймағында шарўашылық пенен шуғылланып атырған “Қаракөл-Нөкис” фермер хожалығынан хабар алды.

Қыс айлары – шарўа халқы ушын сынақлар мәўсими. Олар шарўашылықтың қысқы әнжамын ертеден көрмесе, ҳәзиргидей ҳаўа-райының аязы шарўаның малын да, өзин де албырататуғыны белгили. Ҳүкиметимиз тәрепинен шарўашылыққа қайта жол ашылыўы менен бирге олардың қысқы турмыс дәрежеси де ҳәр дайым бақлаўда.

Республикамыз басшысы шарўлар шаңарағы басшысы менен сәўбетлесип, мүрәжатларын тыңлады.

Оларға азық-аўқатлық өнимлер тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети