Арқа-батыс әскерий округиниң «Нөкис» дала-оқыў майданында әскерий округ командирлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы тәрепинен кең көлемли қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары әмелге асырылды. Нәтийжеде елимизде өз орны ҳәм абыройына ийе болған дүнья талапларына толық жуўап беретуғын заманагөй дала-оқыў майданы бой тикледи.
Мәмлекетимиздиң шөл шараятында жаўынгерлик ўазыйпаларды орынлаўға ийкемлескен дала-оқыў майданының инфраструктурасынан орын алған 13 әскерий ҳәм социаллық объектте толық капитал оңлаў ҳәмде 5 жаңа жаўынгерлик техникалар парки, спорт ҳәм жақын саўаш қалашасы, радиациялық, химиялық, биологиялық қураллардан қорғаныў қалашасы ҳәмде командалық руўхый турақлылықты қәлиплестириў имаратларында қурылыс ҳәм зәрүр әнжамлар менен тәмийинлеў жумыслары алып барылды.
Барлық күш ҳәм қуралларды басқарыў мақсетинде 2 қабатлы командирлик бақлаў минарасы ең заманагөй талаплардан келип шыққан ҳалда қурылды. Бул келешекте елимизде болып өтетуғын халықаралық әскерий жарыслар ушын өзине тән таярлық болып есапланады.
Дала майданында күш структуралары ушын арнаўлы объектлер қурылған болып, биргеликте комплексли тактикалық оқыўлар ҳәм жаўынгерлик таярлық илажларын реал шараятлар кесиминде турақлы түрде өткериў жолға қойылады.
Бүгин «Нөкис» дала-оқыў майданының салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министри, генерал-майор Баҳодир Қурбонов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы баслығы Мурат Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қаҳраман Сариев, Арқа-батыс әскерий округи командирлиги, Қорғаныў министрлиги басшылары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер ўәкиллери, ветеранлар ҳәмде жаслар қатнасты.
Атап өтилгениндей, дала-оқыў майданында жаратылған инфраструктуралар әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик, руўхыйлық ҳәм физикалық жақтан таярлығын және де арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болып, елимизди қорғаўға бел байлаған жасларымыздың маманлығын ҳәм тәжирийбесин арттырыў майданы болып хызмет етеди.
Илажда «Нөкис» дала-оқыў майданы қурылысында белсендилик көрсеткен бир топар әскерий хызметкерлер ҳәмде қурылысшыларға Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги ҳәмде аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы тәрепинен баҳалы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Сондай-ақ, Қорғаныў министри тәрепинен әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиў ҳәмде Нөкис әскерий госпиталының материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде заманагөй, соңғы модельдеги медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген реанимобиль арнаўлы техникасы салтанатлы түрде тапсырылды.
Илаж қатнасыўшылары ҳәм мийманлар жаңадан бой тиклеген дала-оқыў майданында жаратылған шәрт-шараятлар, заманагөй оқыў имаратлары, медициналық пункти, жатақханалар, асхана, спорт қалашасы ҳәмде жаўынгерлик техникалар парки менен танысты, барлық күш структуралардың биргеликте жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген комплексли тактикалық-арнаўлы оқыўының гүўасы болды.
Илаж қатнасыўшыларына Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ, М.ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА

















