Бүгин Тахтакөпир районына бекитилген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси сенаторлары Борий Алиханов ҳәм Орал Атаниязова, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары Жүсипбек Казбеков район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында депутатлар, сектор баслықлары ҳәм жаслар менен ушырасты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги “2020-2023–жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социал-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы 4889-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, соның ишинде қарар тийкарында Тахтакөпир районында келеси үш жылда әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша депутатларға жүкленген ўазыйпалардың орынланыў барысы менен танысты. Әлбетте, депутатлар халықтың исенимине ерискен ўәкиллер. Олар өзлери сайланған аймақлардағы жаңа жойбарлардың иске асыўында тийкарғы қоллаўшылары бола алады. Районның социал-экономикалық раўажланыў дәрежесин көтериў мүмкиншилигине ериседи.
Тахтакөпир районында 2020-2023-жылларда санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў бойынша 73 миллиард 901 миллион сумлық 54 жойбардың иске түсирилиўи ҳәм жаңадан 359 жумыс орны жаратылыўы күтилип отыр. Қарарға қосымша 69,9 миллиард сумлық жойбарларды әмелге асырыў арқалы 998 жумыс орынларын пайда етиў талаплары киргизилди. Әлбетте, бул арқалы районды социал-экономикалық раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы жумыссызлық санын азайтыў, санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын еле де жетилистириў мақсетлери қойылған.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети




