Жоқарғы Кеңес Баслығы сайланды

Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясы басланды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.

Жыйналысты Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Атабек Давлетов ашты. Сессияның секретарияты сайланып, күн тәртиби тастыйықланды, Ақсақаллар Кеңеси ҳәм Есап-санақ комиссиясы қурамы дүзилди.

Ақсақаллар кеңесиниң қарарына муўапық, Жоқарғы Кеңес Баслығы лаўазымына Камалов Мурат Қаллибековичтиң кандидатурасы усынылды.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында коронавирус пандемиясы пүткил дүньяда болғаны сыяқлы елимизге де жоғалтыўлар алып келгени, бирақ өмир даўам ететуғынлығы, сол шараятқа мүнәсип болып, туўры жол табыў зәрүрлигин атап өтти.

– Бүгин қарақалпақ елин, топырағын, имканиятларын жақсы билген, халық таныған, түрли мәселелерди шеше алатуғын жетекшини сайлап алыўымыз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Бердақ бабамыздың даналық сөзлери менен айтқанда:

Халықтың ғамын ойлаған,

Журт ғамқоры керек маған, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент ҳәзиргидей қурамалы ўақытта басшы болыў аңсат емес екенлигин, Қарақалпақстанды раўажландырыў бойынша басланған жумыслар 2-3 есе көбейтилип даўам еттирилиўин атап өтти.

– Мурат Камаловты көп жыллардан берли таныйман, – деди Президент. – Ол ең алды менен, ҳадал, ўатаны ушын пидайы инсан. Қай жерде ислесе де қарақалпақ елиниң дәрти менен жасағанының гүўасыман. Ең тийкарғысы усы. Басқасы тәжирийбе менен келеди. Ол әкеси Қәллибек Камалов, марҳум Муса Ерниязовтың жумысларын даўам еттирип, халықты разы етеди, деп исенемен.

Президент Шавкат Мирзиёев Мурат Камаловтың адамгершилик пазыйлетлери, пидайылығы ҳәм басшылық қәбилетин есапқа алып, оның кандидатурасына өзиниң разылығын билдирди.

Жоқарғы Кеңес депутатлары, жамийетшилик ўәкиллери сөзге шығып, кандидатты қоллап-қуўатлады. Жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына Мурат Камалов сайланды.

Атап өтиў тийис, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қарақалпақстан Республикасы Басшысы ҳәм ең жоқары лаўазымлы шахс болып табылады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатларының арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ўәкиллиги мүддетине сайланады.

Дерек: https://president.uz/