16-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларынан ибарат исши топар әдил судлаў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм машқалаларды үйрениў ушын Қарақалпақстан Республикасына келди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 30-июнь күни әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпаларды додалаўға бағышлап өткерилген видеоселектор мәжилисинде буннан былай депутат ҳәм сенаторлар өзлери сайланған аймақларда судьялар корпусы, сектор басшылары ҳәм жәмийетшиликти тартқан ҳалда әдил судлаўға жәрдемлесиў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша турақлы сөйлесиў өткерип барыўы, халық тәрепинен көтерилген әдилсизлик жағдайлары ҳәм машқалалар ҳәр шеректе жергиликли кеңеслерде сын көзқарастан додаланып, жуўапкерлер алдына анық сораўлар қойыўы ҳәм жумысына баҳа берип барыўы, Олий Мажлистеги арнаўлы комитетлер ҳәр бир аймақтың әдил судлаў ҳәм коррупция мәселелерине байланыслы рейтинги жүргизилиўине басшылық етип, ҳәр ярым жыллық нәтийжелери бойынша парламентлик тыңлаўларды ҳәм тексериўлерди өткерип барыўы белгилеп берилген еди.
Усы жылы 16-19 сентябрь күнлеринде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларынан ибарат исши топар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети ағзалары менен биргеликте Нөкис қаласында әдил судлаў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы машқалаларды үйренбекте. Сондай-ақ усы күнлери Нөкис қаласында әдил судлаўға ҳәм коррупция мәселесинде халықтың пикирин анықлаўға қаратылған сораўнамалар өткерилмекте. Үйрениў жуўмақлары жергиликли Кеңес сессиясында кеңнен додаланыўы режелестирилген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети




