Әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыў мәселелери додаланды

Усы жылдың 4-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң киши мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң баслығы Х.Ёдгоровтың қатнасыўында әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм суд ғәрезсизлигине тосқынлық ететуғын факторларды сапластырыў мәселелерине бағышланған жыйналыс болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси, Өзбекстан Судьялары ассоциациясы ўәкиллери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы, районлық ҳәм қалалық судлардың баслықлары ҳәм судьялары, тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлердиң ўакиллери қатнасты.

Жыйналысты Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов ашты ҳәм Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында соңғы жыллары елимизде суд-ҳуқық системасын буннан былай да жетилистириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтиў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў және судьялар жәмийетшилигиниң ролин арттырыў бойынша алып барылып атырған избе-из жумыслар нәтийжесинде әдил судлаў процесинде инсан ҳуқықларын қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа шыққанлығын айрықша атап өтти.

Президентимиз тәрепинен усы жылдың 27-июль күни қабыл етилген «Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы бул бағдардағы жумысларды жәнеде жетилистириўде үлкен әхмийетке ийе болмақта.

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң баслығы Х.Ёдгоров, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы Г.Аннақлычева, Өзбекстан Судьялары ассоциациясы баслығының орынбасары П.Айтниязов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы З.Реимова, суд системасы ветераны А.Жанибекова ҳәм басқалар пәрманда, соның менен бирге, 30-июнь күни Ҳүрметли Президентимиз басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў,  бүгинги күнде әдил судлаўдың нәтийжелилигин арттырыў, судьялардың әдалатлы, нызамлы қарарлар шығарыўына тосқынлық ететуғын факторларды, суд қорғаўын тәмийинлеўдеги артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, суд қарарларын қайта көриўдиң бир-бирин тәкирарлайтуғын басқышларын бийкар етиў, коррупцияға қарсы гүресиў, инвесторлар ҳуқықларын қорғаў, суд уйымларының әмелдеги структурасын заман талапларына ҳәм халық аралық стандартларға муўапық қайта көрип шығыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәм келешекте әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар ҳаққында тоқталып өтти.

Жыйналыста жынаят ислери бойынша Мойнақ районы судының баслығын, пуқаралық ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының баслығын, Беруний районлараралық экономикалық судының судьясын тайынлаў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарлары оқып еситтирилди.

Илажда шығып сөйлеген суд уйымларының хызметкерлери, жәмийетшилик ўәкиллери елимизде суд-ҳуқық саласының раўажланыўы жолында көрсетилип атырған айрықша итибар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, бүгинги мәжилисте белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў бағдарында нәтийжели жумыс алып барыў зәрүрлигин атап өтти ҳәм бул бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети