Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң тоғызыншы сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Р.Джумамуратов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, сондай-ақ, районлық Кеңестиң депутатлары, сектор басшылары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары қатнасты.
Күн тәртибиндеги биринши мәселе Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 20-август күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша район халқының жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт еллерде мийнет еткен жумыссыз пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Шымбай районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Д.Жолдасов шығып сөйледи.
Бул мәселе бойынша Шымбай районы финанс бөлими баслығының орынбасары Қ.Ержанов ҳәм Шымбай районы халық бәнтлигине көмеклесиӯ орайы директоры Б.Назаров сөзге шықты.
Күн тәртибиндеги екинши мәселе – райондағы улыӯма билим бериӯ мектеплеринде 2020-2021 оқыӯ жылына таярлық көриӯ бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Шымбай районы халық билимлендириӯ бөлими баслығы Э.Мамбеткаримованың баянаты тыңланды.
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң тоғызыншы сессиясына қойылған мәселелер толығы менен көрип шығылды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.
Бүгин, сондай-ақ, Халық депутатлары Әмиўдәрья, Елликқала, Тақыятас, Хожели, Қоңырат, Мойнақ ҳәм Кегейли районлық Кеңеслериниң сессиялары болып өтти.




