Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы – жынаятшылықтың алдын алыў тийкары

Бәршемизге белгили, бүгинги күнде елимизде Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен халықтың тынышлығын, пәраўанлығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда бир қатар нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Өткен қысқа дәўир ишинде ишки ислер уйымлары хызметин түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған 12 нызам, 30 дан артық Президент пәрманы ҳәм қарарлары, сондай-ақ, 150 ден артық нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилгени сөзимизге айқын дәлил болады.

Усы жыл 25-август күни Қарақалпақтан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети менен жергиликли Кеңеслердиң Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссияларының видеобайланыс арқалы қоспа мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова ашты ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде бүгинги күнде жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгенин, ишки ислер уйымларын халықшыл мәмлекетлик уйымға айландырыў ҳәмде ҳәр бир хызметкердиң жумысын халық мәплери жолында әмелге асырыў тийкарғы мәселелердиң бири екенлигин, бул жолда тараў хызметкерлериниң жуўапкершилигин ҳәм белсендилигин арттырыў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

Буннан соң ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында усы жыл басынан бүгинги күнге шекем әмелге асырылған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары А.Тажимбетовтың, карантин дәўиринде жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимлери тәрепинен алып барылған жумыслар ҳаққында Ишки ислер министрлигиниң Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баслығының орынбасары С.Азизовтың мәлимлемелери тыңланды.

Көрилген мәселелер бойынша комитет ағзалары, сондай-ақ, жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссияларының ағзалары тараў қәнигелеринен өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды ҳәм өз пикир-усынысларын билдирди.

Мәжилис соңында қаралған мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди ҳәм алдағы ислениўи зәрүр болған ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети