Бәршеңизге мәлим, соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң тиккелей басламалары менен барлық тараўлар қатарында суд-ҳуқық тараўында да избе-излик пенен реформалар әмелге асырылып келинбекте.
Бул бағдарда шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў, оның ар-намысын ҳәм қәдирин ҳүрмет етиў, суд-ҳуқық тараўында халықаралық стандартлар ҳәм алдыңғы сырт ел тәжирийбесин енгизиўге қаратылған бир қатар хүжжетлер қабыл етилди.
Сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының екинши жөнелисинде нызам үстинлигин тәмийинлеў, суд-ҳуқық системасын және де реформалаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, юридикалық жәрдем ҳәм ҳуқықый хызметлер сапасын түп-тийкарынан жақсылаў нәзерде тутылған.
Ҳәрекетлер стратегиясындағы белгиленген ўазыйпаларды басқышпа-басқыш әмелге асырыўда усы жыл 10-августда қабыл етилген “Суд-тергеў жумысында шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы бул жолдағы және бир әҳмийетли ҳүжжет болды.
Пәрманға муўапық, жынаятларды ашыў жумысын және де жетилистириў мақсетинде төмендегилер белгиленди:
– гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшыдан арза, түсиник хат ямаса көрсетпелер алыўды усы жынаят иси жүргизиўинде болған сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса судьяның жазба рухсатына тийкарланып ҳәм тек ғана қорғаўшы қатнасыўында әмелге асырыў (белгиленген тәртипте қорғаўшыдан бас тартылған жағдайлар буған кирмейди);
– жынаят ислеўде гүманланып атырған шахсты услап турыў мүддетин ол ҳақыйқатта усланған ўақыттан баслап есаплаў;
– шахс әмелде усланған ўақыттан баслап, тийисли лаўазымлы шахс ол менен байланыслы сорастырыў ҳәм тергеў ҳәрекетлерин өткериўден алдын адвокат пенен өз алдына ушырасыўын тәмийинлеў шәртлигин белгилеў;
-айыбын мойынлаў бойынша келисим институтын енгизиў;
– оғада аўыр жынаят ислегенликте гүман етилип атырған ямаса айыпланып атырған шахсларға байланыслы ислер бойынша, сондай-ақ, шахсты қамаққа алыў ямаса үй қамағы түриндеги абайлылық илажын қоллаў мәселеси көрип шығылып атырғанда қорғаўшының қатнасыў шәрт екенлигин белгилеў ҳәм тағы басқа да нормалар кѳрсетилген.
Пәрманда нәзерде тутылған жаңа имканиятлар суд-тергеў жумысында шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў кепилликлерин және де күшейтиўге кеңнен жол ашыўына беккем исенемиз.
М. Ниетуллаев,
Жынаят ислери бойынша
Қараѳзек районы судының баслығы




