Бүгинги күни республикамыз халқы үлкен қайғыда. Өйткени, дерлик 20 жылға шамалас ўақыт даўамында республикамызға басшылық еткен инсан, Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязов аўыр кеселлениўден соң қайтыс болды.
Усы мүнәсибет пенен 2-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде хошласыў мәресими болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң жуўаплы хызметкерлери, Арқа-Батыс әскерий округы, бир қатар министрликлер менен ведомстволардың, мәкеме ҳәм кәрханалардың, басқарма ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшы ҳәм қәнигелери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан мәресимде республикамыз басшысының портрети алдына гүллер қойылып, айрықша ҳүрмет көрсетилди ҳәм еске алынды.
М.Ерниязов өзиниң үлкен басшылық потенциалы, бай билим ҳәм тәжирийбеси, мәнәўий пазыйлетлери, Ўатанымызға шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен халқымыздың қәлбинен терең орын алған уллы инсан еди.
Оның терең билими, шебер шөлкемлестириўшилик уқыбы, турмыслық бай тәжирийбеси, туўрысөзлиги ҳәм мәртлиги арқасында өткен 18 жыл ишинде Қарақалпақстан Республикасы социал-экономикалық жақтан раўажланыўдың жаңа басқышларына көтерилди. Оның тиккелей басшылығында Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, Арал бойындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша үлкен дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.
Қарақалпақ диярында кейинги жыллары жүз берген барлық үлкен өзгерислер М.Ерниязовтың аты ҳәм әмелий жумысы менен тығыз байланыслы.
Өзиниң Ўатанға пидайылығы, халқымызға садықлығы менен үлкен абырой-мәртебеге ерискен М.Ерниязов қәлбимизде уллы мәмлекетлик ғайраткер сыпатында мәңги жасайды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баспасөз хызмети
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери.













