Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў

Өзбекстан Қаҳарманы
Муса Тажетдинович Ерниязов

Өзбекстан халқы аўыр жоғалтыўға ушырады.
Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов усы жылдың 31-июль күни 73 жасында аўыр кеселлениўден соң қайтыс болды.
Муса Ерниязов 1947-жылы 20-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районында туўылды. Орта мектепти тамамлап, 1971-жылы Ташкент аўыл хожалығын ирригациялаў ҳәм механизациялаў инженерлери институтын, 1986-жылы Ташкент Жоқары партия мектебин тамамлады.
Мийнет жолын қурылыс инженери лаўазымынан баслап, кейин ала Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде аға референт, басқарма баслығы, ислер басқарыўшысы болып жумыс иследи.
1983-1989-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммунал хожалығы министри, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Мәмлекет мүлкин басқарыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик комитети баслығы, Шымбай районы ҳәкими лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барды.
2002-жылдан ҳәзирги ўақытқа шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары лаўазымында иследи.
Муса Тажетдинович Ерниязов дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында өзиниң үлкен басшылық потенциалы, бай билим ҳәм тәжирийбеси, мәнәўий пазыйлетлери менен, Ўатанымызға шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақылы түрде халқымыздың қәлбинен терең орын алған уллы инсан еди.
Оның тиккелей басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социал-экономикалық раўажландырыў, Арал бойындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша үлкен дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.
Қарақалпақ диярында кейинги жыллары жүз берген барлық үлкен өзгерислер Муса Тажетдинович Ерниязовтың аты ҳәм әмелий жумысы менен тығыз байланыслы.
Ол қарақалпақ елиниң ҳақыйқый жетекшиси сыпатында бәрқулла халықтың дәрти ҳәм тәшўишлери менен жасады. Әсиресе, кексе әўлад ўәкиллери, мийрибан апа-сиңлилеримиз, әзиз жасларымыздың турмыс ҳәм мийнет шараятларын жақсылаў, олардың мүнәсип келешегин тәмийинлеў жолында айрықша белсендилик көрсетип, шын кеўилден хызмет етти.
Муса Тажетдинович Ерниязов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары сыпатында ғәрезсизлигимизди беккемлеў, мәмлекетимизде парламентаризм системасын раўажландырыў исине үлкен үлес қосты, әсиресе, социал-экономикалық раўажланыўымыз ушын зәрүр болған әҳмийетли нызамларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў жолында белсендилик көрсетти.
Муса Тажетдинович Ерниязовтың мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы үлкен хызметлери мүнәсип баҳаланды. Ол “Меҳнат шуҳрати” ҳәм “Фидокорона хизматлари учун” орденлери, “Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен қурылысшы” ҳәм “Өзбекстан Қаҳарманы” деген жоқары атақлар менен сыйлықланған еди.
Халқымыздың уллы перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, ҳақ кеўил ҳәм пидайы инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги қәлбимизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,
А.Арипов, Қ.Сариев