Усы жылдың 8-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң мәжилиси болып өтти.
Видеобайланыс арқалы өткерилген мәжилисте комитетке ағза болған Жоқарғы Кеңес депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы судларының баслықлары қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы З.Реймова ашты хам алып барды.
Ҳүрметли Президентимиз 30-июнь күни әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпаларды додалаўға бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинде
атап өткениндей, суд-ҳуқық системасында әмелге асырылған реформалар ҳәм өзгерислер адамларымызда ҳақыйқатлыққа ҳәм әдилликке болган исенимди беккемлемекте.
Видеоселектор мажилисинде белгиленген тапсырмалардан келип шыққан ҳалда өткерилген мәжилистиң күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаева, Пуқаралық ислери бойынша судының баслығы К.Тарихов, Экономикалық судының баслығы Г.Зарипова ҳәм Ҳәкимшилик судының баслығы А.Адиловтың усы жылдың өткен алты айы даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша мәлимлемелери тыңланды.
Депутатлар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Мәжилис соңында қаралған мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети





