Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) биргеликте “Арал теңизи регионының шорланған жерлеринде Инновациялық стартап жойбарлар таңлаўы”н жәриялайды.
Биргеликте өткерилетуғын стартап жойбарлар таңлаўы Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) арасында дүзилген грант қаржыларын ажыратыў ҳаққындағы шәртнамаға муўапық әмелге асырылады.
Усынылған жойбарларда Аралбойы регионының шорланған жерлериндеги машқалаларды инновациялық методлардан пайдаланған ҳалда сапластырыўдың әмелий шешими усынылыўы лазым. Таллаў процессинде таңлаў экспертлери қойылып атырған мәселениң әҳмийетлилиги, анықлығы, заманагөй илимий методологиядан пайдаланылғанлығы, изертлеўшиниң тәжирийбеси сыяқлы критериялар тийкарында баҳалайды. Таңлаўға усынылған инновациялық стартап жойбарлар төмендеги шәртлер бойынша баҳаланады:
Арал теңизи қурыўының унамсыз ақыбетлерин жумсартыўға қаратылған ең жақсы стартап жойбар;
Аралбойы регионының шорланған жерлеринде экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған ең жақсы стартап жойбар;
Арал теңизиниң қурыған ултанында флора (өсимликлер) ҳәм фауна (ҳайўанат) дүньясын раўажландырыўға қаратылған ең жақсы стартап жойбар;
Арал теңизиниң қурыған ултанында топырақ шорланыўы ҳәм климат өзгериўине қарсы инновациялық технологияларды ислеп шығыўға бағдарланған ең жақсы стартап жойбар.
Таңлаў нәтийжеси бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм ICBA халықаралық орайы биргеликте жәми 100 мың АҚШ доллары муғдарындағы суммада грант қаржысын ажыратады.
Усынылған жойбарлар www.tanlov.mininnovation.uz веб-порталы арқалы 2020-жыл 15-июль саат 18-00 ге дейин электрон дизимнен өтиўи шәрт. Электрон дизимнен өтпеген жойбарлар таңлаўға қабыл етилмейди.
Таңлаў нәтийжелери Инновациялық раўажланыў министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.
Таңлаўға тапсырылған ҳүжжет формалары ҳаққындағы мағлыўматларды төмендеги силтеме арқалы алыў мүмкин:
Қосымша мағлыўмат ушын:
Тел.: +99871 2274317
Рәсмий сайт: www.mininnovation.uz




