ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКСИЗ ТӨРТИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 28-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз төртинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, сондай-ақ, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың,  ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары ҳәмде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Еӊ дәслеп, депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияның күн тəртибине муўапық шөлкемлестириў мәселеси, яғный «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 81-статьясыныӊ 4-бәнтине ҳәмде “Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 14-статьясына муўапық, Жоқарғы Кеңес Баслығыныӊ орынбасары лаўазымына депутатлар арасынан 31-санлы «Орта қала» сайлаў округинен депутат, “Қарақалпақагрохимияқорғаў” акционерлик жәмийетиниң директоры лаўазымында ислеп келген Давлетов Атабек Ильхамовичтиӊ кандидатурасы усыныс етилди ҳәм оныӊ өмирбаяны менен таныстырылды.

Усынылған кандидатура бойынша депутатлар тәрепинен пикирлер билдирилди ҳәмде депутатлар арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен сайлаў өткериў бойынша Есап-санақ комиссиясы дүзилди.

Сессияда жасырын даўыс бериў жолы менен 31-санлы «Орта қала» сайлаў округинен депутат Давлетов Атабек Ильхамович Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары етип сайланды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.И.Давлетов сөзге шығып, өзине билдирилген исенимге жуўап ретинде бар билим ҳәм тәжирийбесин елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға жумсайтуғынлығын атап өтти.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз тийис, бул лаўазымда дерлик он жылға шамалас ўақыттан берли А.Хамраев ислеп келген еди ҳәм оныӊ өткен жыллар ишинде топлаған турмыслық ҳәм кәсиплик бай тәжирийбеси есапқа алынып, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри етип тайынланған еди.

Буннан соӊ “Коронавирус пандемиясы дәўиринде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында”ғы мәселе көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен пандемияның халықтың турмысына ҳәм экономикамызға унамсыз тәсирин жумсартыў мақсетинде карантин талапларына әмел еткен ҳалда кәрханаларды басқышпа-басқыш иске қосыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў, исбилерменлерге жеңиллик ҳәм преференцияларды бериў арқалы оларға қолайлы шараятларды жаратыў сыяқлы кең көлемли илажлар алып барылмақта.

Әсиресе, соңғы еки ай ишинде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлар, видеоселектор мәжилислеринде белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәр бир басшыдан пидайылықты талап етпекте. Бирақ, бүгинги күнде айырым районларда исбилерменлик субъектлерине қолайлы шараятлар жаратыўда бир қатар кемшиликлерге жол қойылмақта. Соның менен бир қатарда, бюджет түсимлерин орынлаўда да бир қатар қала ҳәм районларымызда кемшиликлерге жол қойылып атыр.

Сессияда бүгинги коронавирус пандемиясы шараятында арқайынлыққа берилмеў, халқымыз саламатлығын қорғаў басшы ҳәм депутатлардың ең баслы ўазыйпасы екени айрықша атап өтилди ҳәм тийисли тараў басшыларына анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Бул мәселе бойынша да депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз төртинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети 

М.Ҳабибуллаев түсирген сүўретлер