Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Нарбаеваның Қарақалпақстан Республикасына сапары шеңберинде Төрткүл районы Мәденият сарайы имаратында “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў” мәселесинде мәжилис басланды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнаспақта. Сондай-ақ, барлық район, қала студияларынан видео байланыс арқалы тараў басшылары, жуўапкерлер, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары қатнасып атыр.