Бүгин Нөкис қаласында жайласқан “Аққуў” комплексинде «Арзыўдан табысқа шекем…» сүрени астында Ҳаял қызлар форумының салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы Бас министри орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы З.Махкамова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары-Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады. Атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланды. Бул бағдарда олар ушын жаңа имканиятлар жаратылып, барлық тараў ҳәм тармақларда, жәмийетимизде ҳаял-қызлардың орны артып бармақта.
Бүгинги өткерилген форум да бул бағдардағы жумыслардың даўамы болып, исбилермен ҳаял-қызлар арасында өз-ара пикирлесиў орталығын жаратыў ҳәм тәжирийбе алмасыў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм оларды исбилерменликке кеңнен тартыў, дәраматларын арттырыўға жәрдемлесиў ҳәм финанслық саўатлылығын арттырыўға хызмет етиўи менен әҳмийетли есапланады. Әлбетте, өткерилген форум ҳаял-қызлар арасында исбилерменликти еледе кеңнен ен жайдырыў ҳәм олардың дәраматын асырыў бойынша жақыннан пикирлесиў ушын қолайлы орталық жарата алды.
Ҳаял қызлар форумы өткерилди




