Ишимлик суўы менен тәмийнлениўи аўыр болған 76 аймақтың суў тәмийнаты жақсыланады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында аппарат мәжилиси өткерилди. Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, сондай-ақ, қала ҳәм район ҳәкимлери, министрлик, мәкеме, шөлкем басшылары қатнасты. Өткерилген мәжилисте халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында белгилеп алынған тапсырмалардың орынланыўы, халқымыздың бәнтлигин ҳәм дәрамат алыўын тәмийинлеў бағдарында мәҳәллелерде киши ҳәм микро жойбарларды иске түсириў, рәсмий болмаған жумыс орынларын ҳүжжетлестириў, жасларға жер майданларының ажыратылыўы, орынларда абаданластырыў жумысларының алып барылыўы, пуқараларды турақ-жайлар менен тәмийинлеў бағдарында субсидиялардың ажыратылыўы ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер қарап шығылды. Мәжилисте сондай-ақ, бүгинги күнде халқымызды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында жүзеге келип атырған машқалаларға шешим табыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Айтып өтиў орынлы, 2024-2027-жылларда халықаралық қаржы институтлары қатнасыўында ишимлик суўы тармақларын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў бойынша улыўма баҳасы 238 млн. АҚШ доллар болған 2 инвестиция жойбарын әмелге асырыў режелестирилген. Усы қаржылар есабынан 3 мың 114 км ишимлик суўы тармақлары ҳәм 124 дана ишимлик суўы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылыўы белгиленген. 246 мың пуқара таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи, 422 мың пуқараның ишимлик суўы тәмийнатының жақсыланыўы, нәтийжеде 3 жылда таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежеси 72,4 пайыздан 83,1 пайызға жетиўи күтилмекте. Тилекке қарсы, қала ҳәм районларымызда ишимлик суўы тәмийнаты аўыр болған аўыл ҳәм мәҳеллелеримиз бар болып, жәми 76 мәҳәлледе ишимлик суўы менен тәмийинлениў машқала болып келмекте. Сонлықтан, бул мәҳәллелердиң ҳәр бирине режедеги ишимлик суўы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыўда жуўапкер басшылар бириктирилмекте. Жоқарғы Кеңес Баслығы бириктирилген басшыларға мәҳәллелердеги объектлерди жыл жуўмағына шекем пайдаланыўға тапсырыўдың барлық илажларын кѳриў бойынша қатаң тапсырма берди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети