100 миллион сумға шекем кредит ажыратылады.
Онда қарар шеңберинде барлық түрдеги кредитлерди «мәҳәлле жетилиги»ниң кепиллиги тийкарында ажыратыўға рухсат бериледи ҳәм олар кредитлердиң нәтийжелилиги ушын теңдей жуўапкер болады.
Талапкерлерге мини-техника, туқым ҳәм нәл сатып алыўында «Жаслар дәптери» қорынан 5 миллион сумнан субсидия, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорынан 33 миллион сумға шекем кредит ажыратылады
Орынлардағы 167 «Агроорайлар» арқалы жеке меншик секторды тартқан ҳалда туқым, нәл егиў, минерал төгин бериў, мини-техника ҳәм агроном хызметлери жолға қойылады ҳәм жетистирилген өнимди сатып алыўға қайта ислеўшилер ҳәм экспорт етиўшилер бириктириледи.




