Қытай Халық Республикасының Синьцзян санаат-қурылыс Корпусы (СПСК) комиссары орынбасары Лю Синьцянь басшылығындағы делегация Қарақалпақстан Республикасына келди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында республика ўәкиллери ҳәм делегация ағзалары арасында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Онда дәслеп, ҳүрметли Президентимиз ҳәм Қытай Халық Республикасы жетекшиси басламасы менен жақында өткерилген Өзбекстан-Қытай аймақлар аралық форумы жаңа жойбарлар үстинде бирге ислесиўге жаңаша жол ашқаны, бунда еки мәмлекет басшыларының бирге ислесиўди еле де кеңейтиў бағдарындағы жоқары перспектива ҳәм пайдалы нәтийжелиликке тийкарланған ийгиликли идеялары, узақты гөзлеген түрде қол қойылған келисимлери тийкар болып хызмет етип атырғанлығы айрықша атап өтилди. Өзбекстан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы арасындағы дослық байланысларын көп қырлы бағдарлар бойынша беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилген форум еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти жәнеде кеңейтиўде, Қарақалпақстан ушын пайдалы келисимлерге ерисилиўинде әҳмийетли болып, улыўма 1 млрд. долларға жақын перспективалы жойбарлар бойынша келисимлерге ерисилген еди. Бүгинги өткерилген ушырасыўда да усы бағдардағы әмелий илажларды даўам еттириў, ҳүрметли Президентимиздиң тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары менен берилген жеңилликлер тийкарында жаңа, ири көлемдеги инвестициялық жойбарлар бойынша бирге ислесиў мәселелери талқыланды.
Сондай-ақ, еки тәреплеме шерикликти еле де раўажландырыўда Өзбекстан Республикасының Қытай Халық Республикасындағы елшиханасында жаңадан шөлкемлестирилип атырған Қарақалпақстан Республикасының айрықша ўәкили жумысы жолға қойылыўы да жаңаша имканиятлар есигин ашатуғынлығы тилге алынды. Сөйлесиўлер даўамында Қарақалпақстанның бар болған мүмкиншиликлеринен пайдаланып, санаат ислеп шығарыў жумысларын кеңейтиў, бул бағдарда жаңа ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў кәрханалары жумысларын жолға қойыў, аўыл хожалығы тараўын раўаландырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер талқыланды. Өз гезегинде Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамыз аймағында санаатты раўажландырыў бойынша ири көлемли жойбарларды әмелге асырыў барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы ҳәм барлық мүмкиншиликлер жумсалатуғынлығын атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




