Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен ҳәзирги ўақытта орынларда «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен ҳәр қыйлы мәдений, руўхый-ағартыўшылық илажлары шөлкемлестирилмекте. Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде «Кеше ҳәм бүгин қарақалпақ ҳаял-қызлары» атамасында миллий кийимлер көргизбеси шөлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» менен қызғын қутлықлады.
Көргизбеде республикамыздың қала ҳәм районларынан келген оннан аслам өнерментлер жаңа дизайнда бәҳәр мәўсими ушын арнаўлы тигилген миллий кийим-кеншеклери менен қатнасты. Илажда бир қатар белсенди ҳаял-қызлар хошаметленип, миннетдаршылық хатлары тапсырылды. Илаж талантлы жаслардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Миллий кийимлер көргизбеси шөлкемлестирилди




