Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырық үшинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты. Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




