Нөкис қаласында 6 жас жаңа турақ жайға ийе болды

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен балалардың ҳуқықларын қорғаў, әсиресе, ата-ана қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, сондай-ақ, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

2021-жыл 9-август күнги “ Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў ис-илажлары ҳаққында”ғы 5216-санлы Президент қарарының қабыл етилиўи де усы бағдардағы жумыслардың ҳуқықый тийкарын белгилеп берди.

Президент қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Республика бюджетинен 825 млн. сум қаржы ажыратылып, Нөкис қаласында дизимде турған турақ-жайға мүтәж 6 жасқа барлық қолайлықларға ийе жаңа үйлер алып берилди.

Буннан тысқары, «Меҳир дәптери» қоры есабынан қаржы ажыратылып, қосымша 2 баланы турақ жай менен тәмийинлеў илажлары көрилмекте.

Бүгин Жаңа жыл байрамы қарсаңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы 6 жасқа жаңа турақ жайлардың гилтлерин тапсырды.

Байрам алдынан жаңа турақ жайлардың тапсырылыўы аўыр турмыс машақатларын жеңип өтип, өмирдиң сынаўлы ғалма-ғалы менен жасап атырған бир қатар жаслар ушын үлкен қуўаныш болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети