1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасыныӊ мәмлекетлик сыйлықлары ҳәм кɵкирек белгилери менен сыйлықлаў ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы

ҚАРАР ЕТЕДИ:

Елимизде тәлим-тәрбия системасын дәўир талаплары тийкарында жетилистириў, тараўдағы реформаларды нәтийжели әмелге асырыў, жасларға илим үйретиў ҳәм заманагɵй кәсип-ɵнерлерге бағдарлаў, оларды ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў жолындағы кɵп жыллық жемисли мийнетлери ҳәмде жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын төмендегилер ҳүрметли атақлар ҳәм кɵкирек белгилери менен сыйлықлансын:

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» ҳүрметли атағы менен:

Ан Ольга Владимировна – Нөкис қаласындағы «STUDY SAY HI» мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкеминиң муғаллими

Гичгелдиева Саят Гайыповна – Төрткүл районындағы 10-санлы мектептиң директоры

Каландарова Рано Нуруллаевна – Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигине қараслы арнаўлы билимге мүтәж болған герең ҳәм шала еситиўши балалар ушын қәнигелестирилген 4-санлы мектеп-интернатының директоры

Каландарова Нукулжон Матякубовна – Елликқала районындағы 13-санлы мектептиң немис тили пәни муғаллими

Кожабаева Гулистан Таласбаевна – Нөкис қаласындағы 2-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класслары бар улыўма билим бериў мектебиниң директоры

Примбетова Нигархан Нуржановна – Нөкис қаласындағы 9-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими

Сейтназарова Замира Абдикамаловна – Тахтакөпир районындағы 3-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класслары бар улыўма орта билим бериў мектеби директорының орынбасары

Шлымбетова Мухаббатхон Емжаровна – Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң тарийх ҳәм тәрбия пәни муғаллими

Яхияева Паруазхан Қурбанбаева – Хожели районындағы 3-санлы ақылы зайып балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик билимлендириў мәкемеси (мектеп-интернаты)ниң баслаўыш класс муғаллими

 

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен:

Бердимуратов Мурат Карлыбаевич – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң алгоритмлеў ҳәм дәстүрлеў технологиялары кафедрасы профессоры ўазыйпасын атқарыўшысы

Нарымбетова Роза Жанабаевна – Қарақалпақстан медицина институтының илимий ислер хәм инновациялар бойынша проректоры

Ражабов Ҳикмат Жумаевич – Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының «Саз әсбапларын атқарыўшылығы» кафедрасы профессоры ўазыйпасын атқарыўшысы

Туремуратов Шарибай Науризбаевич – Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң бас илимий хаткери

Утепбергенов Марат Алланазарович – «Шаңарақ» илимий, социал-гуманитар ҳәм жаслар басламалары орайы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң баслығы

Шылманов Пердебай Шылманович – Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Дене тарбия теориясы» кафедрасы профессоры

 

«Ардақлы нураный» кѳкирек белгиси менен:

Авезов Базарбай Досназарович – Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының технологиялық тәлим кафедрасы доценти

Дауенов Ниетбай – Мийнет нураныйы

Забирова Елена Николаевна – Мийнет нураныйы

Рахманов Мухтар Хапизович – Нөкис қаласындағы 1-санлы Есжан бақсы атындағы балалар музыка хәм көркем өнер мектебиниң оқытыўшысы

 

«Ўатан пидайысы» кѳкирек белгиси менен:

Абдикаликов Али Мажитович – Тақыятас педагогика колледжиниң оқытыўшысы

Аметова Наргиза  Камилжановна – Беруний районындағы 52-санлы мектептиң муғаллими

Давлеталиева Захима Салиевна – И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими

Каленова Гулнара Дуйсенбаевна – Нөкис қаласындағы 26-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң дефектологи

Пирекеева Амангул Ансатбаевна – Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының социал-гуманитар кафедрасы үлкен оқытыўшысы

Саидова Нигина Хибаджановна – Әмиўдәрья районындағы 56-санлы мектептиң инглис тили пәни муғаллими

Султамуратов Омирзақ Таумуратович – Шоманай районындағы 14-санлы мектептиң директоры

Тукешова Анар Таласбаевна – Мойнақ районындағы 1-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класслары бар улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими

Хаитов Жўрабек Бахтиярович – Елликқала районындағы 3-санлы мектептиң директоры

 

«Ибратлы ҳаял» кѳкирек белгиси менен:

Алланиязова Бийбайым Ережеповна – Кегейли районындағы 1-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими

Бегжанова Аймекен Қудайбергеновна – Нөкис районындағы 4-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими

Генжебаева Муслима Маратовна – Шымбай районындағы қәнигелестирилген мектептиң математика пәни муғаллими

Инятова Арзыхан Пурхановна – Қараөзек районындағы 33-санлы мектептиң рус тили пәни муғаллими

Исмаилова Сахиба Абдуғаниевна – Төрткүл районындағы 18-санлы айырым пәнлери тереңлестирилип оқытылатуғын класлары бар улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры

Кудиярова Гулимхан Шарибаевна – Қанлыкөл районындағы 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшысы

Яхияева Кумисай Куанышбаевна – Қоңырат районындағы 21-санлы мектебиниң қазақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими

 

Қарақалпақстан Республикасы  

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы                                                                                                                                                    Аманбай Тлеубаевич Орынбаев