Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздағы бир қатар алдыңғы фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты

Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов қатнасты. Өткерилген ушырасыўда бүгингидей суў тамтарыслығы дәўиринде аўыл хожалығы егислик майданларында суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, пахта атызлары, бағлар ҳәм палыз майданларында өнимлерди жетистириўде тамшылатып суўғарыў, ғәлле майданларында жамғырлатып суўғарыўдан пайдаланыўды ен жайдырыў мәселелери сөз етилди.

Айтып өтиў керек, соңғы жыллары аўыл хожалығы егислик майданлары ушын жеткерилип берилип атырған ағын суў муғдарының азайыўы, климат өзгериўи ҳәм суўға болған талаптың артыўы себепли аўыл хожалығы майданларында жаңа инновацияларды енгизиў ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен тартыўдың әҳмийети күннен-күнге артып бармақта. Бул өз гезегинде халқымызды арзан ҳәм сапалы аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеўдиң кепиллиги сыпатында орынлы шешимлердиң бири есапланады. Ушырасыўда сондай-ақ, республикамыздың климатына сәйкес ҳәм суўды аз талап ететуғын егинлерди егиў, суўдан нәтийжели пайдаланыў, экспортқа өтимли өнимлерди жетистириўди кеңейтиў, тәжирийбели илимпазлар менен тығыз бирге ислесиў мәселелери қарап шығылды.

Өткерилген ушырасыўда, усы сыяқлы қатар әҳмийетли мәселелер ҳаққында сөз етилди ҳәм алдағы әмелге асырыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети