Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Қурылыс тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.


Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов шығып сөйлеп, республикамыздағы қурылыс тараўында жумыс алып барып атырған барлық хызметкерлерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан бүгинги байрам мүнәсибети менен қутлықлады.



Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиздиң раўажланыўын, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде бүгинги күнниң шебер қурылысшылары, инженер-механиклер, машина-механизмлерди басқарып атырған пидайы инсанлар, жойбарлаўшы-дизайнерлер, қурылыс санааты ўәкиллери ҳәм кесип алып ислеўшилердиң тутқан орны айрықша.
Олардың тымсалында қала ҳәм аўылларымызда, пүткил елимизде жаңа ислеп шығарыў кәрханалары, әҳмийетли социаллық объектлер, заманагөй үй-жайлар, жол ҳәм көпирлерди қурып, турмысымызды еле де абат етиўге үлкен үлес қосып атырған кеңпейил кәсип ийелерин көремиз.


Елимизде әмелге асырылып атырған үлкен қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумыслары, қала ҳәм аўылларды абат етиў бойынша ийгиликли ислерде мийнеткеш тараў пидайыларының мийнетлери салмақлы ҳәм айрықша итибарға ылайық.
Бүгинги өткерилген байрам салтанатында да мине усындай әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслар кең түрде атап өтилди.


Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарары мененен сыйлықланғанларға көкирек белгиси ҳәм ҳүрмет жарлықларды Министрлер Кеңесиниң Баслығы тапсырды.
Байрам илажы көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




