Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәрья районындағы белсенди ҳаяллар менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районындағы белсенди ҳаяллар менен ушырасты.

Онда мәмлекетимиздеги ҳаял-қызларға деген айрықша итибар ҳəм ғамхорлық нəтийжесинде елимизде ҳаял-қызлар ушын жаратылған қолайлықлар ҳәм де имканиятлар ҳаққында кең түрде сөз етилди.

 

Айтып өтиў орынлы, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында быйылғы жылдың өзинде 55 мыңнан аслам ҳаял-қызлар “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген болып, бүгинги күнге келип 38 мың 538 ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық машқалалары өз шешимин тапты.

Тиккелей, Жоқарғы Кеңестиң басламасы менен социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, соның менен бирге ҳаял-қызларға быйылғы жылы 10,3 млрд сумлық жәрдемлер көрсетилди.

Өткерилген ушырасыўда ҳаял-қызлар ушын жаратылған көплеген имканиятлар, усындай бир қатар мүмкиншиликлер ҳаққында кең түрде атап өтилди.

Соның менен бирге, бүгингидей тыныш-татыў турмысымызда аўызбиршилигимиздиң қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлықты сақлаў, өз-ара дослықты тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетли мәселелер айрықша тилге алынды.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети