Жоқарғы Кеңес Баслығы Қубла Үстирт турғынлары менен ушырасты

Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, олардың жасаў шараятын жақсылаў, мүнәсип шараят жаратыў бойынша орынларда барлық зәрүр илажлар әмелге асырылмақта. 2022-жылдың ноябрь айында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ең шетки алыс аймақ турғынлары менен ушырасыўлар шеңберинде Қубла Үстиртте болып, аўыл халқының мүрәжатларын тыңлаған еди. Бүгин усы билдирилген мүрәжатлардың шешимин ҳәм Қубла Үстирт бойынша жуўапкерлерге берилген тапсырмалардың нәтийжесин көриў мақсетинде гезектеги сапар шөлкемлестирилди. Айтып өтиў орынлы, Жоқарғы Кеңес Баслығынын алдынғы жеке қабыллаўында билдирилген мүрәжатлардың көпшилиги өз шешимин тапты.  Соннан, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратын жаңадан реконструкциялаў жумыслары бүгинги күнде жуўмақланып, тәрбияшы штат бирликлери ашып берилген. Аймақ балалары ушын футбол майданшасы да қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылған. Ҳәзирги ўақытта Қубла Үстирттиң бақша жасындағы балалары мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине барса, мектеп балалары футбол майданшасында спорт пенен шуғылланып атыр. Буннан тысқары аймақты интернет пенен тәмийинлеў, перзентлериниң контракт төлеми пулларын төлеп бериў бойынша билдирилген мүрәжатлар да толық шешимин тапқан.

Бүгинги ушырасыўда да бир қатар пуқаралардың тилек-өтинишлери тыңланды ҳәм өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен орнында шешип берилди.

Атап айтқанда, билдирилген мүрәжатлар бойынша өзин-өзи бәнт етиў қәлеўшилиги бар пуқаралар ушын кондитер печ, тигиў машиналары, гоззаллық салоны үскенелери берилетуғын болды. Буннан тысқары, 4 пуқараның контракт төлеми пуллары төлеп берилип, және бир неше пуқараның турақ жай ижарасы төлемине жәрдем берилетуғын болды. Пуқаралардың дәрти ҳәм тәшўиши менен жасап, олардың машқалаларын шешиў бүгинги күнниң баслы мақсетлериниң бири болып, турмыслық мәселелерге шешим табыў жолындағы жумыслар жеделик пенен даўам етери анық.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети