Кегейли районында 8 жас жаңа турақ жайға ийе болды

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен балалардың ҳуқықларын қорғаў, әсиресе, ата-ана қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, сондай-ақ, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

2021-жыл 9-август күнги “Шын жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын ен жайдырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-5216-санлы қарарының қабыл етилиўи де усы тийкардағы жумыслардың ҳуқықый тийкарын белгилеп берди.

Президент қарары орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Ҳүкиметимиз тәрепинен қаржы ажыратылып, Кегейли районында дизимде турған турақ-жайға мүтәж 8 жасқа барлық қолайлықларға ийе жаңа үйлер алып берилди. Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында жаңа турақ жайлардың гилтлери өз ийелерине тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети