Ҳеш ким итибардан шетте қалмайды

Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдары етип белгиленген.

Бул бағдарда барлық пуқараларымыз сыяқлы майыплығы болған ўатанласларымызға итибар ҳәм әмелий ғамхорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша кеўил бөлинбекте.

Ең баслысы тәғдирдиң жазғаны менен майып болып қалған бирде бир пуқарамыз халқымыздың, мәмлекетимиздиң мехри ҳәм итибарынан шетте қалмай, өзиниң мийнети, қәбилети менен турмыста өз орнына ийе болып келмекте.

Мәмлекетимизде майыплығы болған ҳәм имканияты шекленген шахслардың мәплерин қорғаў, оларды жәмийетимиздиң толық ҳуқықлы ағзасы екенлигин көрсетиў мақсетинде бир қатар илажлар ҳәм реформалар әмелге асырылып атыр.

Усы тийкарда бүгин Нөкис қаласында 3-декбрь Халықаралық майыплығы болған шахслар күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Байрам илажында майыплығы болған шахсларға майыплық арбашалары, еситиў аппаратлары ҳәм бир қатар баҳалы саўғалар тапсырылды.

Соның менен бирге мәденият тараўы хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы инәм етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети